x_dauletnazarov | Unsorted

Telegram-канал x_dauletnazarov - Халила Дәўлетназаров

-

Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы

Subscribe to a channel

Халила Дәўлетназаров

#Ретро_қосықлар

Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Дәлибай Мәтмуратовтыӊ атқарыўындағы «Дайы қыз» қосығы


Каналға ағза болыў 👉 @charjau_elmuratov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Жақсылар из салған ирге

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қарақалпақ әдебияты күнлери Қашқадарьяда

Усы жылдың 9-11-ноябрь күнлери Қашқадарья ўәлаятында Қарақалпақ әдебияты күнлери болып өтеди.
Бүгин Қарақалпақ әдебияты күнлери илажларына қатнасыў ушын Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы Кеңесбай Каримов басшылығында бир топар жазыўшы-шайырлар жолға шықты.
Дөретиўшилик топары ағзалары дәслеп биринши Президентимиз тәрепинен Қаратаўдағы 1991-жылы Нөкис қаласының жаңа орайы ушын мрамор тастан қойылған естелик алдында сүўретке түсиўден баслады.
Қарақалпақ әдебияты күнлери менен байланыслы әдебий-руўхыйлық илажлары ертең 9-ноябрь күни Қаршы мәмлекетлик университетинен басланады.

Сүўретлерде: Шептен оңға: Х. Дәўлетназаров, Қ. Оразымбетов, К. Кәримов, А. Султанов, Б. Генжемуратов, А. Әбдиев, Ә. Өтепбергенов, О. Сәтбаев ҳәм Р. Отарбаев.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Қарақалпақстан телеканалы «Хабар» бағдарламасы


Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист Халила Дәўлетназаровтыӊ дөретиўшилик өмир жолына арналған «Сизден мийрас болып жақсылық қалсын!» атамасындағы әдебий саз-сәўбетли кешеден репортаж.


Каналға ағза болыў: /channel/kkmtrk

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театры.

2023-жыл, 7-ноябрь. Саат 11:00

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

""Жетпис  сениң жездең емес""әжаға.

(Қарақалпақстан халық шайыры
Халыйла Даўлетназаровқа)

""Шашымды алдырып аўылға қайтаман"--Х.Дәўлетназаров.

Қосықлар дөреттиң  уйқыңды қыйып,
Елим- деп жасадың нәпсиңди тыйып,
Халқың сәл муңайса қанатың қыйық,
Қусларға мегзедиң  Халийла аға.

Өзгелерден ат шаптырым арасы,
Ўатан деп туўлаған кеўилханасы,
Бас байрақты ҳасла қолдан бермеген,
Кегейлиниң шайыр қара баласы,

Шерттиң ашықлардың кеўил тарларын,
Муҳаббат бағына заўқы барларын,
Ериттиң көксинде тоңлап жатырған,
Музлыққа  айланып қатқан  қарларын.

Жаның гөззаллыққа жақын орасан,
Жаслықты зарлатып таслап барасаң,
Ашық Зийўар- Әжиниязға тақаббил,
Сөз саплаўға зергер, ҳасыл данасаң,

Илаҳий күш қәлем тутты қолыңа,
Босқа қаратпады оңлы- солыңа,
Халық сүйген шайыр, Аббаз атадай,
Садық болдың қыссаханлық жолына,

Ҳәр қатарың жүзикке қас қойғандай,
Текийметке сулыў нағыс ойғандай,
Қосығыңды оқып суўсынланғанлар,
Руўхый булағыңнан мийри қанғандай.

Руўхый байлыққа толы телегиң,
Қосықларын халқы сүйген төрелим,
Сөзи дигирманнан тири түскендей,
Өзгелерден орны бөлек өрелим.

Енди аўыл жаққа  қашан қайтасаң?!,
Көзиң жолда Айтолғанды жойтасаң,
Баяғы қызлар жоқ суўға келгендей,
Муҳаббат қосығын кимге айтасаң?!,

Шашыңды алдырма, аға ,кеш болды,
Шайырлар қалаға өзи өш болды,
Халыйла аўылға қайтпайжақпа -деп,
Әрманлардың ,еңбеги де еш болды,

Поэзия теңизинде жайынсаң,
Халық ушын жан бер десе тайынсаң,
Ўатан ушын сексеўил боп өс десе,
Ана жерге қадалыўға қайылсаң.

Халқың қосығыңды бәрҳә излесин,
Ең жақсы  тилегин сизге гизнесин,
""Жетпис сениң жездең емес"" ажаға,
Тоқсанға тоғысып,жүзге жүзлесиң.

Гулистан Дәўлетова.

6 ноябрь 2023 жыл.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қайырлы түн

Х. Дәўлетназаров сөзи,
Д. Мәмбетмуратов ҳәм
Б. Кәримовалардың атқарыўында

Әрман қумырыңыз уяға қонсын.
Үйиңиз, кеулиңиз шадлыққа толсын.
От-ошақ басыңыз аманлық болсын.

Бар дәртиңиз кетсин усы түн менен.
Таң ерте атсын пайызлы күн менен.
Талабыңыз бәрха оңынан келсин.

Тыныш уйқлап жақсы турың.
Қайырлы түн, қайырлы кеш.

Әдебий информациялық канал:
💎@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Жаслығым, сен мени таслап барасаң

Халила Дәўлетназаров сөзи,
Дәлибай Мәмбетмуратов атқарыўында.


@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

«Сиз күткен инсанлар» атамасында жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў кешеси болып өтти

Усы жылдыӊ 15- май күни Тахтакөпир районы Мәденият бөлиминде райондағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң басламасы менен дөретиўши жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды дөретиўшиликке талпындырыў ҳәм жол-жоба көрсетиў мақсетинде «Сиз күткен инсанлар» атамасында жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў кешеси шөлкемлестирилди.

Ушырасыў кешесинде Қарақалпақстан халық шайыры, «Əмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, журналист ҳәм илимпаз Алланазар Әбдиев ҳәм Филология илимлериниң докторы, илимпаз Тамара Машариповалар мийманда болды.

Кешеде шығып сойлегенлер тәрепинен дөретиўши жаслардыға өзлериниӊ өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги бойынша айтып өтип, жас әўлад ўәкиллерин китап пенен дос болыўға шақырды.

Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
КАНАЛҒА АҒЗА БОЛЫЎ:
✅/channel/Taxtakopir_press

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қутлықлаў!

Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, көплеген жас дөретиўшилердиң устазы Халила Дәўлетназаров «Ўатан ушын жасайық» республикалық таңлаўында сыйлы 2-орынды ийеледи.

Устазымыз бул таңлаўға жақында баспадан шыққан «Шөлиркеў» атлы қосықлар топламы менен қатнасты.

Биз Устазымыз Х. Дәўлетназаровты бул табысы менен шын жүректен қутлықлаймыз. Алдағы дөретиўшилик ислеринде тасқын табыслар тилеймиз!

Жаңа толқын, жаңа әдебият:
Ағза болың👉
@QRJas_doretiwshiler

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://kknews.uz/kk/151737.html
Ўатан, инсан ҳәм муҳаббат жыршысы ямаса шайыр Халила Дәўлетназаровтың «Шөлиркеў» китабы ҳаққында

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://telegra.ph/SHAJYRLARDY%D2%A2-ZH%D2%AEREGINI%D2%A2-SA%D0%8EY-ZHO%D2%9A-05-09-2

#9_май_Еслеў_ҳәм_қәдирлеў_күни

ШАЙЫРЛАРДЫҢ ЖҮРЕГИНИҢ САЎЫ ЖОҚ...

Быйыл 1941-1945-жыллардағы Екинши Жер жүзилик урыста ерисилген Уллы Ўатандарлық жеңиске 78 жыл толды.

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Китап_жаңалығы

Республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасының 18.04.2023-жылдағы 44-саны.

@charjau_elmuratov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

МҮРИЎБЕТ КҮНИНЕ КӨЗ АЙДЫН

Ўақыт деген дигиршикте айланып,
Төрт тулпар бир зер қазыққа байланып,
Сейсленип, бәйгилерге сайланып,
Жалы гүмис арғымағым келдиң бе?

Дүнья, бәҳәр деген сөйлетти сазын,
Жүз мың ат тарталмас қылығын, назын,
Пасыллар ишинде алма бас ғазым,
Ғаңқылдап, заңқылдап қайтып келдиңбе?

Қарыя қыс сүйрелип, әбден ҳарыды,
Көгис гияларға сезим дарыды,
Ағылтып кеўлиңде, тилде барыңды,
Жыл китабын баслап, жазып келдиңбе?

Аспан деген ашық жатқан көк дәптер,
Тырналар дизбеги жазар көп гәплер,
Бул – қуяш из салған алтын соқпақ дер,
Дийдар көриспекке хош күнлер келдиң бе?

Үмит шуғласынан липас жамылып,
Наз етип баўыры оттай қамынып,
Берген ўәде-лебизинен табылып,
Халқымнның шын опадары келдиң бе?

Шадлық шымылдығы серпилди кейин,
Тәбият узатқан хоширей келин,
Беташарың ушын жыйналды елиң,
Сайлап қәдем басқан жанан келдиң бе?

Тоқшылыққа жерип, болса ҳәмледар,
Молшылық перзенти туўылар мәгар,
Қуслар сүйинши сорап айтады хабар,
Сыйдам бағларға бүр жарып келдиң бе?

Гүл, бүлбил үйренер ойын-заўқыңды,
Жерлер өмир көрсин жасыл шаўқымлы,
Табыс мәйи бассын шөлиң-маўқыңды,
Жақсылық туқымын шашып келдиң бе?

Үйирин излеген аттай арқырап,
Булақ киби қайнаўытлап, сарқырап,
Ығбал пешанасы күндей жарқырап,
Күш-ғайрат кәмарын буўып келдиң бе?

Түңлигинен Жер деп аталмыш Үйдиң,
Қуяш көз үзбестен тигилген Мийрим,
Ләблери үлбирек, посасы шийрин,
Әрман үлестиргиш пасыл келдиң бе?

Наўрыз, шабандозы узақ айлаўдың,
Қәдемине қосық гилемин жайдым,
Мүриўбет күниңиз болсын көз айдын,
Жүзи гүл-гүл жанған бәҳәр келдиң бе?

Х.Дәўлетназаров

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАРАҚАЛПАҚ ЕКЕНИҢИЗДИ УМЫТПАҢ!!!!

@baxtiyarjumataev
Каналға ағза болың

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Дәўлетназаров бүлбилзибан қосықшы Даўытбай Қайыпов атқарған «Сағыныш» қосығы ҳаққында

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Ийшанқала

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

«Сизден мийрас болып жақсылық қалсын!»

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://kknews.uz/kk/170842.html
Халық сүйген шайырды ел ардақлады

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚОСЫҚ ДЕП АТАЛМЫШ КӨШТИҢ БАСЫНДА
(Ел сыйлаған шайыр Халила аға Даўлетназаровтың 70 жыллық тойына)

Кеўли ҳақ, көп болды сүйип жазары,
Сөз бағынан тергенлери мазалы,
Бәршеге мийирман, жоқдүр ҳазары,
Устаз Халил шайыр жетпис жасында.

Халқабат тәрепте өтип балалық,
Дуз буйырып болып кеткен қалалық,
Несип еткен шын шайырлық, даналық,
Халқы сүйген шайыр жетпис жасында.

Тилинде ҳасыл сөз "Бисмилла", "Әлҳам",
Турғансоң, кеўлинде тасып тур илҳәм,
Қабарған кеўилге сөз таўып мәлҳам
Халқын сүйген шайыр жетпис жасында.

Артта қалып, жаслық дәўир белеси,
Тапландырған, татлы өмир гүреси,
Қосықларда, елиў пайыз үлеси,
Қудай қосқан сәўер яры қасында,

Дийдарласып талай бәҳәр, гүз бенен,
Талай устаз жүрип өткен из бенен,
Киятыр, мәрдана жарық жүз бенен,
Қосық деп аталмыш көштиң басында.

Раўаж ОТАРБАЕВ
03.11.2023

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

🎶Қайырлы түн

Х. Дәўлетназаров сөзи,
Д. Мәмбетмуратов ҳәм
Б. Кәримовалардың атқарыўында

Әдебий информациялық канал:
💎@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Жаслығым, сен мени таслап барасаң

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Муҳаббат ҳақкында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!

Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ карады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!

Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!

Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.

Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!

Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.

Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?

30-декабрь, 1986-жыл.


@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Мирәтнама

СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров 70 жаста!

Усы жылдың 7-ноябрь күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың 70 жасқа толыў мүнәсибети менен "Сизден мийрас болып жақсылық қалсын" атлы салтанатлы саз-сәўбет байрам кешеси болып өтеди.

Халықты ардақлаған, халық ардақлаған шайырдың қуўанышын бөлисиўге, заўық алыўға гүллән халқымызды мирәт етемиз.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қарақалпақстан телерадиоканалың «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!» көрсетиўи.

Көрсетиў мийманы:
Өзбекстанға мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаров.

Сәўбет мазмуны: Автордың «Шөлиркеў» атамасындағы китабы, китапқумарлық ҳәм бүгинги баспа тараўының жағдайы ҳаққында

13.09.2023.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://kknews.uz/kk/157543.html
Шайыр шаңарағынан хабар алынды

Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://telegra.ph/%D0%8Eatan-insan-%D2%B3%D3%99m-mu%D2%B3abbat-zhyrshysy-yamasa-shajyr-Halila-D%D3%99%D1%9Eletnazarovty%D2%A3-SH%D3%A9lirke%D1%9E-kitaby-%D2%B3a%D2%9B%D2%9Bynda-06-02

Китап жаӊалығы

Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтыӊ гезектеги китабы басдан шығарылды

@charjau_elmuratov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Шайыр ҳаққында Шайырдың айтқанлары.
/channel/yumorbek_orayi

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Х.ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

КЕШИРИМ...

(О дүнья есиги алдындағы адамның сөзи)

Жөн болсаң мениң жемисим,
Кем болсаң мениң кемисим,
Көп болса да ой-дөңисиң,
Кеширдим балам, кеширдим.

Ул менен қызды туўғаның,
Өзиңди бираз жуўғаның,
Өткен бир сөзди қуўмадым,
Қостарым, сени кеширдим.

«Мен-мен!»леп жүрген менменим,
Сениң-ақ болсын жеңгениң,
Ким көрер екен өнгениң?..
Мәйли-дә, сени кеширдим.

Хат-қәлем тутып қолыма,
Ерип-ем аз-кем соңыңа,
Тоғанақ болған жолыма,
Сизди де аға, кеширдим.

Апа-апа, ини-қарындас,
Бул бастан тәшўиш арылмас,
Аса бир қатты барылмас,
Барылған болса?..  кеширдим.

Жаўласқан болды пайытларың...
Халқымды жақсы айтқаның,
Ырайдан бәлким қайтқаның,
Душпаным, сени кеширдим.

Жер-жебириме жеткен  сен,
Өмиримди уўлап кеткен сен,
Опасыз едиң неткен сен...
Сени ме?... сени!... кеширдим.

Ғәремет тасын атқаның,
Билмейсең қанша батқанын,
Тек, ишлей, үнсиз датладым...
Сени де «достым» кеширдим.

Әрманлар жабы кепти көп,
Көзлерим силпи септи көп,
Көксимди өткен тепкилеп,
Жүрегим, сени кеширдим.

Өмирим шамым өширген.
Қайтпаслар жаққа көширген,
Əзелден бәри шешилген...
Сени де әжел, кеширдим!
                            30-июль, 2014-жыл.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Шайыр Х.Дәўлетназаров: "СИЗГЕ" қосығы.
/channel/yumorbek_orayi

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

АНАЖАН.
Х. ДӘУЛЕТНАЗАРОВ.


@baxtiyarjumataev
Каналға ағза болың

Читать полностью…
Subscribe to a channel