x_dauletnazarov | Unsorted

Telegram-канал x_dauletnazarov - Халила Дәўлетназаров

-

Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы

Subscribe to a channel

Халила Дәўлетназаров

Мисли, еки таўдың тик жартаслар қыснағына тәкаббил еки жағымның арасында, тис аталмыш қорғаншаның ишинде жасаўға ҳүким етилген Тилим! Бареткенниң терең ойлылығына, жети өлшеп бир кесип, оғада жуўапкершилик ҳәм қатаң талап пенен тап усындай шешим қабыл еткенине тәсийинлер қалып, тек те, әлҳәббыз! Деўден басқа ҳеш нәрсе дей алмаспыз. Себеби, сен өзиңди сақлаўың керек, халқыңды сақлаўың керек, сақланыўың керек, сақланыўың керек! Қәтеликлер тилден, келиспеўшиликлер, түсинбеўшиликлер, урыс-қағыс, даў-жәнжеллердиң келип шығыўы да кɵбинесе тилден жүзеге келетуғыны аян. Буған өз өмириңде талай рет гүўа болып, оның не-не азапларын да шеккендурсаң, Тилим!
Халқымның ең баслы нышаны, өзлигиниң кɵш баслаўшысы Тилим, сен бар екенсең, миллетим бар, Ўатаным бар, дүньяда өз орным бар. Усылар бар екен, ҳеш кимнен айбынып, ҳеш кимге жалтақ болмаспан, ҳеш, ҳешкимнен сескенбеспен. Дүньяда қайсы халықтың тили қандай ҳуқыққа ийе екен, әлбетте, бундай ҳуқық саған да берилген Тилим. Сен бизиң бийик-бийиклерде желбиреп турған туўымыз, алдымызда тутар қалқанымыз, қүдиретли қуралымыз, жаў алалмас қорғанымызсаң, бизди бар еткен, бизди сақлаўшы Тилим!

Тилим! Және, және зиҳарлайман, тәкирарлаўдан жазбайман, жаңылмайман, танбайман Тилим! Сөзлериңе жүдә-жүдә қырағы бол, мәнзил-мәсканларында шырағы бол. Олар туўған халқыңның, демек, сениң өзиңниң де жаныў-жисмиң. Усы сөзлериңниң, сыңғыр қаққан сеслериңниң бирим-бирим үзиле-үзиле, бɵлине-бɵлине ыдырай баслаўы ақыбети, пүткил миллетиңниң жоқлық таман биротала бет бурыўына шекем алып келмесине ким кепил? Буның жолы армаған, армаган Тилим!

Сен сондай сулыўлар сулыўысаң, мен сениң ашығыңман, Тилим. Ашықлар да бир-бирине өкпе-гийне қылыўы мүмкин, бирақ, олар ҳеш-ҳеш айнымас, бир-бирине садық нағыз опадарлар. Егер, билип-билмей зийниңе тийген, кеўлиңе жете алмаған, дийдиңнен шыға алмаған болсам ҳүзириңде жүгинип әпиў етиўиңди жалбарынып соранман Тилим. Сен бәрҳама жанымда жүрсең де дийдарыңа бағып тоймаспан, саган ашығыў-бийқарар екенимди сөз таўып тәрийпиң жеткерип жырлай алмай-ақ, әрман менен өтетуғын шығарман Тилим! Дүньяға, халқыма өзиңдей тилди, сулыўлар сулыўын, теңи тайы жоқ бийбаҳа әжайып сыйды инам еткен уллы тәбиятқа, қүдиретли Жаратылысқа мың-мың тәжим, мың-мың шүкир, мың-мыңлап мәрте рийзаман, жанажан Ана-Тилим!

Жасаўың, жасаўың керек Тилим. Буның ушын гүресиўиң гүресиўиң зәрүр Тилим! Өмир, өмир себеби, арпалыслы гүреслерден ибарат. Халқыңның жасаўы ушын тилиң жасаўы, тилиңниң жасаўы ушын Жанының бир-бир бөлекшелери сөзлериң жасаўы, булардың жасаўы ушын усы миллеттиң ҳәр бир адамы өзи тирнекли, сергек болып жасаўы дәркар.

Тилим, арзыў-әрманларың кɵп, тартқан көш-кәрўанларың көп, сүрилген заўқы-сапаң, еле алдыңда сүрилмеген дәўранларың, қызылланатуғын қырманларың кɵп. Бул әрман, бул кәрўан, бул дәўран, бул қырман ели-журтың менен болса жүдә-жүдә қуба-қуп, буннан асқан ығбал, буннан асқан бахыт жоқ болса керек, Тилим!

Ата-бабаларымның кɵзи, әл-ҳасыл сɵзи, изги урпақларына қалдырған ескирмес, таўсылмас уллы мийрасы, арғы мамаларымның, берги аналарымның мийрим толы, қыз-жуўанларымыздың гүмис қоңыраўлардай сыңғыр-сыңғыр күлислерине тәқаббил, нәрестелеримниң шүлдирлескен пал татыған шийрин-шекер Тили. Кɵз жетпес алыс-алыс дәўирлер төринен мәрдана жетип келген Ана-Тилим! Алдағы гɵзлеген мәнзиллериң де шетсиз-шексиз, мәңги болсын, дүркин-дүркин әўладларың көкирегине қурқылтайдай уя қурып, зибаныңды бүлбилдей серхош намаларға тамылжытып сайрай бер, сайрай бер, сайрай бер Тилим!

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Мәртебең_бәлент_болсын
#Ана_тилим!

Китапқумарлық шаңарақтан басланады

@charjau_elmuratov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

«Сизден мийрас болып жақсылық қалсын!»

Усы жыл 7-ноябрде Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында болып өткен әдебий саз-сәўбетли кешеден репортаж

«Жаслар Тв» телеканалыныӊ «Қарақалпақстан Онлайн» бағдарламасы

Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Аўыл_сағынышы

Шайыр дайы журтында


Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

“Жаҳон адабиёти” журналыныӊ 2023-жылдағы октябрь саны.

Журналдыӊ бул санында Х.Давлетназаровтыӊ қәлемине тийисли “Суў қосықлары” поэмасын өзбек тилинде (М.Аҳмад аўдармасында) оқыўыӊыз мүмкин.

Төмендеги fdp фаилда шығарма нәзериӊизге усынылады. 👇👇👇

Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Бизди қыйын ҳалға барғыз ба?

Қыссаханлық жолына

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

АМАНБАЙ

...Үзилди деген сол: жаслай жулыны,
Ҳақтың ерки не етсе өз қулыны,
Соңыра аман сақлап жалғыз улыны,
Маманың дүньяға беккем «қаланғай»!
Басқа сөз табалмай турман Аманбай!...


Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Дәўлетназаров

АЎЫЛ ӘРМАНЛАРЫ

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Дәўлетназаров

АЎЫЛ САҒЫНЫШЫ

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Шайыр өзи билим алған ана мектебинде бүгинги әўлад оқыўшылары менен

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

#Ретро_қосықлар

1980-1990-жылларда Кегейли районында бир топар дөретиўши жигитлер тәрепинен шөлкемлестирилген «Жайхун» Вокаль инструменталлық ансамблиниӊ атқарыўындағы Х.Дәўлетназаров қәлемине тийисли «Көзлериӊди унаттым» қосығы

Атқарыўшы: Шарапатдин Шразов

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

«Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан!» таӊғы көрсетиўиниӊ жума (10.11.2023) саны.

Көрсетиўде усы жылдыӊ 7-ноябрь сәнесинде Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы академиялық театрында Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтыӊ дөретиўшилигине арналып шөлкемлестирилген «Сизден мийрас болып жақсылық қалсын!» атамасындағы әдебий саз-сәўбетли кеше ҳаққында сөз етиледи.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Аўыл сағынышы

Оқыған: А.Өтениязова

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

ДЫМ САҒЫНЫП КЕТТИМ СЕНИ…


Сүйиў қандай еди жақсы...?
Айралығы əттең, ашшы,
Көзлериңниң ойған нақшы,
Жан дүньяма битти сени.

Кеўлимди дəрт дəптер етип,
Ишинде не гəплер етип,
Қолға үйренген кептер етип,
Жалтаң қағып күтти сени.

Ɵз өзиме: тек жүр! тек! леп,
Қоймадым ба бахтым шеклеп?
Сезимлерим баса-көклеп,
Азап қылып шектим сени.

Аз болмаған поса сыйым,
Жүреклерге салдық тыйым...
Муҳаббатта бираз қыйын,
Сабақ етип өттим сени.

Жүз бурсам да, тез сағына,
Қайта кирсем деп бағыңа,
Жанымның зер сабағына,
Дизип талай сөттим сени.

Ада қылып болмас айтып,
Хош еттиң... соңыра муңайтып,
Барғым келер саған қайтып,
Дым сағынып кеттим сени....

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Дәўлетназаров

ТИЛИМ!

Бас билмес асаў аттай жɵн-алды-қарабарақ шаўып, дус келген тәрепке алып қаша бермей дизгиниңди тартыңғыра Тилим! Жылаўыңды жаздырып ɵз байдалына жибере берсең таўға-тасқа урылып, дойнағыңнан майырыларсаң. Тилиңе беккем, беккемирек бол, гейде-гейде ҳәўлирип кететуғын көкиректиң барымына бара берме, Тилим!

Түрли муқамға дɵнип, түрли түсте қубылатуғын буўынсыз Тилим, сеннен сөз зәҳәрли емес, сөз палы тамсын Тилим! “Адам тилинен-мал шағынан”, “тилиңнен табарсаң...” деп те тегин айтылмаған. Тилиңнен тутылып, тилиңнен жипсиз байланып, матаўланып, атаўланып қалма, өзиңди-өзиң тыйыңқырап, етек-жеңиңди жыйыңқырап жүр, Тилим.

Адам баласының басына ҳәр қандай бәле мәтердиң, қәўип-қәтердиң дɵниўине кɵбинесе тили себепши – “нәпсим мениң бәледур, жанған отқа саладур”, – деген сөзлер қайнақай тилге де тийисли. “Тилдиң буўыны, тилдиң сүйеги жоқ”, деген сɵзлердиң де қандай мәнис-мағана аңғартып, не уғындырмақшы екенин кɵрдиңиз бе? Тилим бар, деп аўзыңа түскен болар-болмас келди-кетти мәнис-мағанасыз сөзлерди ақыл безбенине тартып өлшестирип кɵрмей салдырта бермей, өзиңнен-өзиң кɵз үзбей бақлап, қадағалап тур, Тилим!

Ҳәр кимниң де жан дүньясын, ɵзлигин, ким екенлигин кɵрсететуғын тили. Халқыңды, миллетиңди танытатуғын, басқалардан ɵзгешелендирип туратуғын өзитңсең, Тилим. Мен саған сүйенемен, сен маған сүйен. Алтын арбаңның арысларына өмирим бойы жегилип, түсерликлерде ийинлесип, шығарлықларыңда гүпшеклесип өтермен Тилим! Ҳәр бир миллеттиң ɵзлигин кɵрсетип, жүзин жарқын я тɵменшик, бахытлы я бахытсыз, өмирин узақ я қысқа қылатын да ɵз тили. Бул саған да байланыслы, сеннен де ғәрезли, Тилим. Сен бар еткен халқыңа, халқың саған сүйенсин, Тилим!

Жумсалмаған, ислетилмеген, қолланылмаған ҳәр қандай тыйық заты да тез тат басып, жүзи топырланып суў кеспестей өтпес болып қалатуғыны бар. Басыңа усындай топыр тыйық саўдасы түспесин Тилим. Усындай, нәзерлерден шетте керексиз буйымдай умыт болып қалыўдан сақланғайсаң Тилим!

Ҳәр бир адамның, ҳәр бир халықтың да дос душпанлары болатуғыны сыяқлы тилге де тилеклеслер, тилге де жаўқарас қылатуғынлар да жоқ емес, Тилим. Тар жол, тайғақ кешиўлерде тумсықлы менен шоқысып, туяқлы менен тебисип не-не арпалыслы гүреслерде бериспей, дәўирлерден-дәўирлерге дин-аман жетип келген Тилим, “өзиңе-өзиң бек бол, қоңысыңды уры тут па”,– деген сөзлер әлбетте, маған да қаратылған үндеў деп бил!. Себеби, жолыңда ушырасқан, басыңа дɵнген ҳәр қандай тәшўиш, қыйыншылықларды ɵзгелерден кɵрип, басқаларға жала жабыўға қолайласқаннан кɵре ɵзиңе-ɵзиң жуўапкершиликли, ɵзиңе-өзиң абайлы, абайлы бол Тилим!

Жәўҳарлар ең ҳасыл, ең ɵткир, ең беккемин алмас деседи. Ол ҳәмме нәрсени кеседи, сындырады, бирақ, оған қарсы келетуғын күш, оннан өтетуғын жәўҳар жоқ екен. Сен де усы алмастай өткир, лекин, ҳеш кимди кеспе, кесилме де мисли, алмастай бол, лекин ҳеш кимди сындырма да. “Қайдағы бир қолдан-қолларға ɵтип жүрген, қайдағы бир тасқа алмасқа теңлестирилип қәдир-қымбатымды буншелли түсирип жибергени неси” деп қабақ шытпа. Жүдә нәзик ҳәм жүдә жумсақ болсаңдағы анық ɵзлигиңди иске салып қаст етсең алмайтуғын жаўың, шықпайтуғын таўың жоқ. Қой, қой! Кɵзим тийип жүрмесин, тилим тасқа, тилим тасқа, Тилим!

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

1-декабрь – Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 34 жыл толады

Уллы зибан


Қыссаханлық жолына


Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Дағаза

Бүгин, бирнеше минутлардан соң Қарақалпақстан телевидениеси арқалы Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтыӊ дөретиўшилик өмир жолына бағышланған «СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!» атамасындағы әдебий саз-сәўбетли кешесин тамашалаң!

Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Давлатназаров

Сув алёри (Манзума)


Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Дағаза

Усы жылдыӊ 20-ноябрь күни саат 21-30 да Қарақалпақстан телевидениеси арқалы Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтыӊ дөретиўшилик өмир жолына бағышланған «СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН!» атамасындағы әдебий саз-сәўбетли кеше эфирге узатылады.

Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

https://uza.uz/uz/posts/shoir-tavalludiga-bagishlangan-adabiy-kecha_538450

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Шайыр Аманбай Ещанов ҳаққында

«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери», белгили хирург, медицина илимлериниң докторы, профессор Аманбай Ещанов ҳаққындағы «Хирург» ҳүжжетли фильминен жазып алынды

Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

А М А Н Б А Й !...
(Марсия)


Медицина илимлеринин докторы, хирург Аманбай Турсынбаевич Ещанов хызмет бабында короновирус пандемиясына шалынып набыт болып  кетти.


Халықлық хызметте  ҳеш демес: «шаршадым!»,
Жанында усласқан көп дос - Фархадын!
Ел-журтыңның шығардың ғой ар-сарын.
Сайлап шаншып турған мына заманды-ай!
Мисли қаңғымай оқ тийген Аманбай!

Ата-анаң бунша ерте шақырып...
Алиймаң, Маманың қалды аҳ! урып,
Тасланғандай асаў тулпарға қурық.
Ҳəўижине шыққан өмир намаңды-ай!
Жан-тарың үзилди кетти Аманбай!

Қыз көзи ойнарлық қəдди-бойларың,
Салдаманлы, терең пикир-ойларың,
Ɵзге емес, өзиңе бул жол қойғаның?..
Ɵмириң еле емес еди тамамдай...
Бул, қалай болғаны, иним, Аманбай!

Әке кетип қулап сүдин-тиреги,
Анасы өткенде зар-зар еңиреўи,
Жүреги үзилип, шыққан меңиреўи...
Гейде жақсыларды-ам етер жамандай,
Буннан да қуры қол емес Аманбай!

Сүйикли еткен шыпакерлик жумысы,
Ҳайран бүгин Қарақалпақ улысы,
Қалай-қалай болды?
Ҳақтың бул иси!
Гириси оқ толы қалған камандай,
Ҳешкимге атылмай өтти Аманбай!

Әжел, деген наймыт кимди тыңлаган,
Жүрген жерин кайғы-ҳəсиретке былғаған,
Қайда қалған сол саўаплар мыңлаған?
Короновирус деген қатаң қамалды-ай!...
Шейит кеткен халық батыры Аманбай!

Аўылласлық - усындайда аўыллас!
Даўыл зəрүр ўақта бирге даўыллас!
Ҳəй, журтлас!
Ҳəр бириң маған баўырлас,
Соғылып ҳəм жасап мына адамдай,
Ҳəмме де болалмас бирақ, Аманбай!

Нетермиз, набыт боп кеттиңн ғапылда,
Саған қарағанда дүнья қапылды-а!..
Кепсерленген көксиңдеги лапылда,
Қалған бар ма жыртықлары жамалмай?
Жамаў табылмапты-аў саған Аманбай!

Ɵтирик-өсек урып ҳəр қос қанарға,
Айды етек пенен таяр жабарға!
Жалған шықса еди:
Бул, сум хабар да!
Терисекей мына «бийўақ самалды-ай»!
Тəғдир жулып алып кеткен Аманбай!

Үзилди деген сол: жаслай жулыны,
Ҳақтың ерки не етсе өз қулыны,
Соңыра аман сақлап жалғыз улыны,
Маманың дүньяға беккем «қаланғай»!
Басқа сөз табалмай турман Аманбай!...


Халила Даўлетназаров
Қарақалпақстан халық шайыры,
Ɵзбекстанға хызмет көрсеткен  журналист.
16-17-июль 2020-жыл.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАШҚАДӘРЬЯДА ҚАРАҚАЛПАҚ ӘДЕБИЯТЫ КҮНЛЕРИ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

Бүгин 11-ноябрь күни Қарақалпақ әдебияты күнлери шеңберинде Китап районында Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры, аўдармашы Рустем Мусурманның 60 жыллығына бағышланған әдебий илаж болып өтпекте.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Статья вышла в газете "Вести Каракалпакстана" за номером 91. 11 ноября 2023 года.

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила Дәўлетназаровтың Юбилей кешеси

2023-жыл 7-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халык шайыры, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист Халила Дәўлетназаровтың дөретиўшилик өмир жолына арналған «Сизден мийрас болып жақсылық қалсын» атамасындағы әдебий саз сәўбет кешеси өткерилди.

Дәрек: @Krteatr

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Елимизге белгили дөретиўшилер Халила Дәўлетназаровтыӊ дөретиўшилиги ҳаққында

Қарақалпақстан телерадиоканалыныӊ «Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» бағдарламасы

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

ҚАРАҚАЛПАҚ!... – ДЕГЕНДЕ?!...

Халила Дәўлетназаров

Оның қарар көзиндей,
Қарайтуғын көз болмас,
Ана-Ўатан бул сөзден,
Асқан уллы сөз болмас...


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Қашқадәрья ўалаятында болып өтип атырған Қарақалпақ әдебияты күнлеринен фотокөринислер.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz

Читать полностью…

Халила Дәўлетназаров

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ:
Ҳәр бир инсанныӊ өз ҳаўазы болғанындай, ҳәр бир халықтыӊ да өз ҳаўазы болады


Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Дәлибай Мәтмуратовтыӊ дөретиўшилигине бағышланған «Алтын фонд» көрсетиўинен

@X_Dauletnazarov

Читать полностью…
Subscribe to a channel