Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы
БАСПАСӨЗ РУЎХЫЙ БАЙЛЫҒЫМЫЗ!
Бүгин Нөкис қаласындағы Саўда-санаат палатасында Баспасөз ҳәптелиги ярмаркасы басланды. Ярмаркада республикамыздағы түрли газета-журналлардың редакция жәмәәтлери қатнасып атыр.
Жасырарлығы жоқ, бүгинги күнде баспасөзге деген итибар бираз төменледи. Мыңлаған тиражда шығыўшы «Еркин Қарақалпақстан», шығыўын балалар асығып күтетуғын «Жеткиншек», қаншадан-қанша жазыўшы-шайырларды елге танытқан «Әмиўдәрья» бүгин әдебиятсүйер халықтан мәдет, қоллаў күтип тур.
Заманласлар! 26, 27, 28, 29-март күнлери Саўда-санаат палатасында болып атырған Баспасөз ҳәптелиги ярмаркасына белсене қатнасың. Руўхыйлығымыздың, миллетимиздиң айнасы болған басылымларымызға жазылың.
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
#АНОНС
Қарақалпақстан телеканалында 10-март күни саат 19:00 де «Кеўил лирасы» көрсетиўин тамаша етиң
Каналға ағза болыў: /channel/kkmtr
«Сизден мийрас болып жақсылық қалсын!»
2023-жылдың 7-ноябрь сәнесинде Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында болып өткен усы атамадағы әдебий саз-сәўбетли кешеден
@X_Dauletnazarov
#Бүгин
Бүгин Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтыӊ туўылған күни.
Халила Дәўлетназаров 1952-жылы 10-февральда Кегейли районында дүньяға келген.
Ол әйне пайытта Қарақалпақстан Республикасыныӊ көркем әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир басылымы – «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы лаўазымында жумыс алып бармақтта.
@X_Dauletnazarov
Қарақалпақстан халық шайыры Халила Даўлетназаров Қазы мәўликтиӊ әдебий мийраслары ҳаққында
@X_Dauletnazarov
Республикамызда балалар ушын шығатуғын бирден бир газета "Жеткиншек" газетасының 2023-жыл, 11-ноябрь санында шайыр
Х. Дәўлетназаровтың 70 жыллығы ҳаққындағы мақала жәрияланды.
@X_Dauletnazarov
КИСИГЕ ҚАРАҒАН КҮНИ
ҚУРЫСЫН...
Өткенлердиң оқып өтмиш сабағын,
Бираз бийтәбиздиң бақтым қабағын,
Зәҳәрқатлы татсаң минлет табағын,
Кисиге қараған күни қурысын.
Жүрермен ҳәркимниң ҳәўкесин қасып,
Өкпем қара қазан қайтып гә тасып,
Жасқаншақ жан әбден қалғанман жасып,
Көсеўиң көгертпес мини қурысын.
Изеп басып болмас жерлерге бардым,
Арғы-тегин қозғап намыстың-ардың,
Әбден ақтарылып «ишимди жардым»,
Елге үн қосалмас үни қурысын.
Көбинше қара халық ерлер ерлесе,
Бардамлы сый талап, төрге төрлесе...
Ҳәркимниң өз маңлайына бермесе,
Басқаға көз сатқан күни қурысын.
Ҳақлық булағынан изледим саға,
Жақсылыққа ердим тутынып аға,
Жаманлық пенен көп жыртыстым жаға,
Кескир қанжарсыз қур қыны қурысын.
Ширенискен ҳәмел тутымын тутып,
Қоқырая түсер қабағын шытып,
Тип-тик, отырғандай тап оқлаў жутып,
Түнерген миз бақпас түри қурысын.
Ҳәр адам мойнында ҳәр қыйлы парыз,
Жүрмен бе садақа я сорап қарыз,
Сөз деп гезип, шырлап айтып-ем арыз,
Гүптикей кеўиллер кири қурысын.
Қолға қайта китап услатса дәўир,
Бираз насазлықтан болар-ек, тәўир,
Мәнаўиятсыз көш қозғалар аўыр,–
Билимсиздиң көрген күни қурысын.
Сентябрь, 2016-жыл.
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
КЕШИРИМ...
(О дүнья есиги алдындағы адамның сөзи)
Жөн болсаң мениң жемисим,
Кем болсаң мениң кемисим,
Көп болса да ой-дөңисиң,
Кеширдим балам, кеширдим.
Ул менен қызды туўғаның,
Өзиңди бираз жуўғаның...
Өткен ҳәр сөзди қуўмадым,
Қостарым, сени кеширдим.
«Мен-мен!»леп жүрген менменим,
Сениң-ақ болсын жеңгениң,
Ким көрер екен өнгениң?..
Мәйли-дә, сени кеширдим.
Хат-қәлем тутып қолыма,
Ерип-ем аз-кем соңыңа,
Тоғанақ болған жолыма,
Сизди де аға, кеширдим.
Аға-апа, ини-қарындас,
Бул бастан тәшўиш арылмас,
Аса бир қатты барылмас,
Барылған болса?.. кеширдим.
Жаўласқан болды пайытларың...
Халқымды жақсы айтқаның,
Ырайдан бәлким қайтқаның,
Душпаным, сени кеширдим.
Жер-жебириме жеткен сен,
Өмиримди уўлап кеткен сен,
Опасыз едиң неткен сен...
Сени ме?... сени!... кеширдим.
Ғәремет тасын атқаның,
Билмейсең қанша батқанын,
Тек, ишлей, үнсиз датладым...
Сени де «достым» кеширдим.
Əрманлар жабы кепти көп,
Көзлерим силпи септи көп,
Көксимди өткен тепкилеп,
Жүрегим, сени кеширдим.
Өмирим шамым өширген.
Қайтпаслар жаққа көширген,
Əзелден бәри шешилген...
Сени де әжел, кеширдим!
30-июль, 2014-жыл.
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
ГЕЙБИР ПАЙТЛАРЫ...
Сондай бир ҳалатлар жүз берер гейде,
Жүйли-жүйсиз кеўлиң липасын сөтип,
Өзиңди умытып келер жылағың,
Адам еситпестей аўлаққа кетип.
Пейиллерди көрип дым дүзелместей,
Үмитиң үзилип, батарсаң ғамға,
Күйип тырнағыңның ушына шекем,
Жарғың келер урып басыңды тамға.
Сөз уқтырмақ иси кешпейди жеңил,
Тақатың тақ болар, таўсылып төзим,
Ҳеш ким еситпеген не-не сөгисти,
Аямай айтарсаң өзиңе өзиң.
Қылғылығы ғәррем қурымсақлардың,
Тилиң байланғандай лал болып қалып...
Бүйириңди таянып қарақалпақша,
Жибергиң келеди «ўай-ўай!...» ға салып.
Жыларсаң, алдыңнан шығар өкирген,
Көзлерден жас сели аққан жосылып,
Тәселлең сол болар оған берилген,
Үн салысыў керек бирге қосылып.
Əттең, көкирегиң айырлып қарса,
Мәгар, пыған шегип қалғаның ҳәлек...
Жыртысын жыртысып жүрген жанларың,–
Өлдиң бе, қалдың ба...пәрўайы пәлек!
24-октябрь, 2011-жыл.
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Х.Даўлетназаров «Әмиўдәрья» журналы ҳаққында
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Халқабад
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Кеӊесбай КӘРИМОВ
Өзбекстан халық жазыўшысы
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Дәлибай МӘМБЕТМУРАТОВ
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
#Анонс
Маданият ва маърифат телеканалы тәрепинен Өзбекстанға мийнети сиӊген журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаровтыӊ дөретиўшилигине бағышланған арнаўлы көрсетиў таярланды.
Дәслеп нәзериӊизге көрсетиўдеги елимизге белгили дөретиўшилердиӊ пикирлерин, соӊынан көрсетиўди толық усынамыз.
Бизди бақлап барыӊ!
Эфир ўақты: 02.12.2023. Саат: 18:00 – 18:30
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Шөлиркеу.
/channel/baxtiyarjumataev
Каналға ағза болың.
Канал ҳаққында досларыңыз бенен бөлисиң.
✅Telegram📸Instagram baxtiyarjumataev?si=UDWDK3fnmuBFp4R1">📹 YouTube
Жетпис сениң жездең емес әжаға,
Тоқсанға толысып, жүзге жүзлесиң!
Канал: @X_Dauletnazarov
#Эъзоз
“Маданият ва маърифат” телеканалының “Эъзоз” көрсетиўи.
Көрсетиўде Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың дөретиўшилиги ҳаққында сөз етиледи.
Эфир ўақты: 02.12.2023.
Канал: @X_Dauletnazarov
Бугин Қарақалпақстан халық шайыры
Халийла Дәўлетназаровтың туўылған күни екен .Устазға ҳәзил қутлықлаў.
"Жетпис сениң жездең емес""әжаға.
(Қарақалпақстан халық шайыры
Халыйла Даўлетназаровқа)
""Шашымды алдырып аўылға қайтаман"--Х.Дәўлетназаров.
Қосықлар дөреттиң уйқыңды қыйып,
Елим- деп жасадың нәпсиңди тыйып,
Боталағын жойтқан дәртли ингендей,
Халқың сәл муңайса қанатың қыйық,
Қусларға мегзедиң Халийла аға.
Өзгелерден ат шаптырым арасы,
Ўатан деп туўлаған кеўилханасы,
Бас байрақты ҳасла қолдан бермеген,
Кегейлиниң шайыр қара баласы,
Сексенге сәлемиң мүбәрек болсын.
Шертип қыз--жигиттиң кеўил тарларын,
Муҳаббат бағына заўқы барларын,
Көксинде муз болып тоңлап жатырған,
Жибитип журектиң қатқан қарларын,
Өмирге қулшындырған , Халийла аға.
Жаның гөззаллыққа жақын орасан,
Жаслықты зарлатып таслап барасаң,
Ашық Зийўар Әжиниязға тақаббил,
Сөз саплаўға зергер, ҳасыл данасаң, Қосығың салланған қәдди дал болсын.
Илаҳий күш қәлем туттып қолыңа,
Босқа қаратпады оңлы- солыңа,
Халық сүйген шайыр, Аббаз атадай,
Садық болған қыссаханлық жолына,
Жаныңызда шәкиртлериң көп болсын!
Ҳәр қатарың жүзикке қас қойғандай,
Текийметке сулыў нағыс ойғандай,
Қосығыңды оқып суўсынланғанлар,
Руўхый булағыңнан мийри қанғандай.
Гөззаллыққа кеўли ышқыпаз болсын.
Руўхый байлыққа толы телегиң,
Қосықларын халқы сүйген керегим,
Тулпардың туяғын дүбирлеткендей,
Сөзи жанлы саялы байтерегим,
Қосықларың қосықларға қал болсын.
""Жаман аўыл"" жаққа қашан қайтасаң?!,
Көзиң жолда Айболғанды жойтасаң,
Ийнағашлы қыз жоқ суўға келгендей,
Муҳаббат қосығын кимге айтасаң?!,
Қостар қыялыңда ""сәрўи тал"" болсын
Шашыңды алдырма, аға ,кеш болды,
Шайырлар қалаға өзи өш болды,
Халыйла аўылға қайтпайжақпа -деп,
Әрманлардың ,еңбеги де еш болды,
Еки орталық сизге айдын жол болсын.
Қатар қызларың жоқ суўға барғандай..,
Қараслары ақыл ҳушың алғандай,
Бәлдиў ....баяғының бәри өтирик,
Сениң ғошшақ болғанлығың ялғандай...
Енди алған ҳәр бир демиң пал болсын.
Поэзия теңизинде жайынсыз,
Халық ушын жан бериўге тайынсыз,
Ўатан ушын сексеўил боп өс десе,
Ана жерге қадалыўға қайылсыз,
Ҳәр жигитте сизикиндей ар болсын.
Қосығы шығыпты десе излесин,
Арзыў ,әрман үмитлерин гизнесин,
""Жетпис сениң жездең емес"" ажаға,
Тоқсанға тоғысып,жүзге жүзлесиң.
Ашық Айдын пирлер сизге яр болсын.
Гулистан Дәўлетова.
6 ноябрь 2023 жыл.
#Әмиўдәрья_журналы
Қарақалпақстан Республикасыныӊ көркем әдебият ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы “Әмиўдәрья”ныӊ 2023-жылдыӊ 6-санына шолыў
@X_Dauletnazarov
https://kknews.uz/kk/177249.html
Шайыр менен ушырасыў
Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
ПИКИРЛЕСЕЙИК
Сиз газета-журналлар оқып турасыз ба? Быйылғы жыл ушын өз қәлеўиңиз бенен қайсы газета я журналға жазылдыңыз?
Балаларыңыз ушын "Жеткиншек"ке жазылдыңыз ба?
Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎Мерўерт
ШАЙЫРЛАРДЫҢ
ЖҮРЕГИНИҢ САЎЫ ЖОҚ
Көриң, зибаны жыр зерин шашыўын,
Бойын ғәрремнен сырт алып қашыўын,
Тек, қосығы менен басар ашыўын,
Сөздей қумар қылып аўлар аўы жоқ.
Ой-қыял жүрмели шалқып сүргени,
Əрман журтында дәрт деген иргели,
Үрсе–ел деп ийттей үрип жүргени,
Ҳақыйқаттан басқа даўлар даўы жоқ.
Сегбир тартып ҳақлық, мәртлик елине,
Жаўрап өтиўи бар тәшўиш селине,
Жанларын келсаплап қамап келиге,
Өзине, өзинен асқан жаўы жоқ.
Туғырдағы аш туйғындай шаңқылдап,
Ишине сыр бүге билмес, аңқылдақ,
Ушып-қонар көли ғаздай ғаңқылдап,
Халықтай жақын арқа сүйер таўы жоқ.
Бүлбил, бүлбил емес, қойса сайрамай,
Гүлден гүл болар ма ғумша байламай,
Шилпәршеси шығып сынған айнадай,
Шайырлардың жүрегиниң саўы жоқ.
16-февраль, 2014-жыл.
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
ҚАЛАЙ БОЛАР ЕКЕН-Ə!
Гәде там-тум, нобай гә,
Бирде шеплеў, қолай гә,
Тәғдир,–деген олай гә,
Булай болар екен-ә!
Ҳижран дағы ярларда,
Жоқлық көкси зарларда,
«Айды жабыў» барларға,
Оңай болар екен-ә!
Тәшўиш қумы еспели,
Дәрт қанжары кеспели,
Ығбал-бахыт,–дескени,
Көшип-қонар екен-ә!
Гейде зәҳәр, гейде пал,
Көкирегиңде қыйлы қал,
Бундай азап, бундай ҳал,
Талай болар екен-ә!
Жыйырылған кирпили,
Сөзлер тийип түрпили,
Сабыр кәсаң бир күни,
Лип-лип толар екен-ә!
Жүрек қуры-қурыдан,
Сырқылмас өз нурынан,
Тәғдир, гейде урыдан,
Бетер тонар екен-ә!
Өмир,–деген арпалыс,
Қыйыў мүмкин ҳәр қамыс,
Ҳүждансызға ар-намыс,
Малай болар екен-ә!
Иләҳийден нур қуйған,
Қорғап жүрер дин-ийман,
Қас етилсе сып-сыйдам,
Қылып жонар екен-ә!
Белес-белес жыл ассақ,
Уллыларға улассақ,
Халық дәрти деп жылассақ,
Қалай болар екен-ә!?
19-июль, 2014-жыл.
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров Кегейли районында жайласқан «Ақтуба» көли ҳаққында
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Генжехан Бердимуратова
қарындасы
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
Қарындасларыма
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
МЕНИҢ, БАЙРАҒЫМ!...
(Сүренлер ҳаққында Сүрен)
(Қарақалпақстанымыздың бирден-бир Мәмлекетлик Нышанлары – Конституциямыз, Гимнимиз, Гербимиз ҳәм Байрағымыздың қабыл алыныўындай уллы ислерде ат салысқан ел перзентлерине арнайман.) Автор
Әдалаттың алтын пуўы берилген,
Озық ойлы, ҳәр сөз шебер ерилген,
Ақыл ҳәм даналық елгезеринен,
Еленген дүр киби мениң Нызамым!
Ҳәр тал қаўырсында – илаҳий нуры,
Қумай қус – бахыт ҳәм еркинлик жыры,
«Қарақалпақстан» – алтын туғыры,
Жақсылық нышаны мениң Гербим!
Халқым кɵзлериниң сүртеди жасын,
Ел-журт таўап етип ийеди басын,
Бинят – әрман, жегир, сезимнен ҳасыл,
Қәстерли-кийели мениң Байрағым!
Ҳәр бир ырғағында мың-мың ушқын бар,
Сөзлерине липас сезимтал нурлар,
Әўладлар тилинен төгилген жырлар,
Ўатанды улығлар мениң Гимним!
Қуяш-тиришилик, көгис нур-әлем,
Зер шуғла-дүньяға, өмирге сәлем,
Таў-әрман, қорғаны-әзелден бар Ел,
Та, Адам-Атадан мениң Тарийхым!
Шежире, Даналық, Өтмиш, батырлық,
Бунда мәртлер өткен мыңға татырлық,
Кўн туўмағай қылыш-қалған, шатырлық,
Еркин қуслар ели Мениң Аспаным!
Дәрья-мийрим, теңиз-ашқылтым өмир,
Қос төбе артында мәнзиллер не бир…
Байрақлы гүл шеңбер айлана-өңир,
Талаплыға берер мениң Заманым!
Салы масақлар ҳәм пахта ханалар,
Байлық булағының көзи саналар,
Суверенлигимди дүнья тән алар,
Жолы айдын мениң Мәмлекетим!
Халқым жан-тәнине гүмис мөр киби,
Ушыға қыйқымлы, алтын-зер киби,
Ҳәм нәзик, ҳәм айбындырар шер киби,
Сүренлер ишинде мениң Сүреним!
Ҳасыл – сегиз қырлы, бир сырлы болар,
Жарты пүтинленер, тɵгилген толар,
Тәнҳалық журтына жарасар олар,
Ўатаным, Анам, Жерим, тәнҳә Қуяшым!
Үшинен туўған Ай, бир жарық Жулдыз,–
Дәўри-дәўран басы деп билермиз биз,–
Ҳақ қәлеп, бақ-дәўлет салған екен жүз,
Мәңги-бақыйлықдур мениң Жолларым!
Дәўирлер даўрығы, ɵтмиш сазасы,
Әрманлар баўлығы, өмир тазасы,
Татыўлықтың таңлайда татыр мазасы,
Дослық-бирадарлық мениң Тәрийпим!
Ашық ҳаўаз бенен шарлаған елди,
Кɵзлеринде шақмақ, кеўли жеделли,
Сүренлер ишинде даўысы белли,
Жаңғырып жаңлаған мениң Ураным!
Сыйынтқан пир киби кɵзиңе тийер,
Қайсарлықтың темир саўытын кийер,
Асқар таўдай айбат, сүдиндей сүйер,
Жол басшы сәркарда мениң Байрағым!
Ўатанымның исми-жɵнин танытар,
Жигерлер қайралар, жанды жанытар,
Көз тояты тояр, мийри қанысар,
Шадлықтай жарқырар мениң Нышаным!
Толмаган жарты Ай әрманға мегзер,
Бес-бес жулдыз ығбал-дәўранға мегзер,
Тойғын сары гүзге, қырманға мегзер,
Көк, жасыл-бәҳәр жаз мениң Тәбиятым!
Жүреклер шыныңда турар желбиреп,
Пүткил ел кɵз болып бағар мөлдиреп,
Уллы сапарларда таяныш-тирек,
Қалыңда қалдырмас мениң Байрағым!
Муқәддес топырақ берген реңлер,
Жерден, Көктен усындай бес түр енген,
Ҳәр бири данқ, уллылықтай сүренлер,
Мәдеткар, мәрдана мениң Байрағым!
Үлкен-киши бәрше теңдей жүгинип,
Арзы-ҳалын айтып, тыңлап, уғынып,
Журтынан кɵз алмай бағар тигилип,
Қылды қақ айырған әдил Нызамым!
Еркин өмиримиздиң нәўпир сағасы,
Ығбал дәрьямыздың нурлы жағасы,
Елдиң кәтқудасы, халықтың ағасы,
Мәсләҳәт-кеңесши мениң Нызамым!
Ҳеш кимге бас ийип, я ойлап сумлық,
Мәртебе дәмем жоқ бир қара пуллық,
Саған қол қаўсырып әйледим қуллық,
Мәрдана ҳүким сүр мениң Нызамым!
Та, Адам-Атадан халқымның жасы,
Ҳаўа-Ене туўған арғы анасы,
Ҳақыйқаттың гәўҳар тәрезиси-тасы,
Қалтқысыз сɵйлейди мениң Нызамым!
Оңланып өмирдиң қәте-кемиси,
Наҳақлық үстинен мудам жеңиси,
Бул бағдың ада болмас жемиси,
Сарқылмас нур киби мениң Нызамым!
Тили жәўҳар киби, өткир жанары,
Жүректе ақыл-ой, белде мәдары,
Ўатанымның буўған алтын Кәмары,
Мениң дин-ийманым, Мениң Нызамым!
Алыс дәўирлерге салғаныңда из,
Не дүркин әўладлар кɵриседи жүз,
Шалғайыңнан сүйип шɵгедурман диз,
Қарақалпақстан – Мениң Байрағым!
Ҳалила Дәўлетназаров
@X_Dauletnazarov
Гүлбәҳәр БЕГМУРАТОВА
Филология илимлери бойынша философия докторы
Каналға ағза болыў @X_Dauletnazarov
#Мәртебең_бәлент_болсын_ана_тилим!
Халила Дәўлетназаров.
Егер, сен жойтылсаң... онда халқың жоқ,
Халықсыз қалсаң манқуртлардан парқың жоқ,
Онда бул топырақ қалғаны тилден.
Онда мениң буннан аўыр дәртим жоқ....
✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы @QR_Ruwxiyliq