Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Халила Дәўлетназаровтың жеке дөретиўшилик каналы
БИЗДЕ...
Бизде орманлар кем, бары да сийрек,
Жанғанда жете алмас жалынға жалын,
Көшпели қумларды байлаўшы шынжыр,
Тоғайлар зәрүр-ақ тутасқан қалың.
Олардың азлығын билдирмеў ушын,
Дарақлар орнына болалсақ дарақ?
Мисли үстимизде думанлар тунып,
Ҳәр бир шақа өзин сезинсин жарақ.
Пүткил халық ормандай сығассын мисли,
Заңғар “отыншы”лар пейлинен таўып.
Бир-бирин жаздырмай, мүмкин болмасын,
Бирде-бир ағашын алыўға шаўып.
Әлбетте, бизде де таўлар баршылық,
Болмағаны менен жудә бир бийик.
Саҳрамызға дәркар екенин сөзлеп,
Жүремиз әрманлап, кеўилге түйип.
Бәрҳа да белгили олардың орны,
Сусы сескендирип, турса сиресип.
Туўылды ма сондай мүтәжлик, демек
Шығыў шәрт айбатлы таўлардай есип.
Өзлерине қайтып урған сүймени,
Жаза тартсын қалып бәледе басы.
Мийтинлиги сонша, мүмкин болмасын,
Қозғалып, бөлинип бирде-бир тасы!
Назырқаныў неге туўылған жерден,
Мумкин бе ақыры, анаңнан налып.
Теңизден қурыкол емес едик-тә,
Тәбият оны да қояжақ алып.
Шөлиркер гезлери жудә көп шөлдиң,
Уллы суўлар лекин, дым гене жырақ.
Қүдирет тымсалы болған олардың,
Орны жийи-жийи билинер бирақ.
Халык, сонда гүркиреп теңиздей терең,
Қайтпас қайсарлырын көрсетип туўлап.
Мисли, уран салсын ҳәр бир арашы,
Даўыллы, жамғырлы торайдай шуўлап.
Таўлардың пәслигин билдирмеў ушын,
Ҳәр бир перзент өзин таў киби тутсын.
Жаман пыйғыл менен келсе кимде-ким,
Мисли, толқын атқан теңиздей жутсын.
Онша зәрур емес – таў, теңиз, орман,
Беккем қол устаскан ел турса толы.
Ҳәр нени күсермиз, бәринен бетер,
Мәрт болып жасаўдың изленгей жолы!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (364-365-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ДЕСЕМ?..
Хожа Ахмет Яссауий жолына
Өзи қәлеп жердиң астын мәкан тутып,
Кеўлинде Ҳақ, бармақлары тәспи сытып,
Халық аҳ шексе, ол қайты-қурым жутып,
Өлмей турып өмир жолы питти десем!
Нәкаслықты көрмейин де, күймейин деп,
Намәртлерге алтын басын иймейин деп,
Кеткен екен нәпси тонын киймейин деп,
Жалған болар, әрманына жетти десем!
Пайғамбардай салтанаты – сәни менен,
Көкиректе шайыршылық кәни менен,
Көзи тири, геўдесинде жаны менен,
Недур, өзин дәрт отына тутты десем!
Аяқ алып жүргизбеген урлық-тарлық,
Ул-қыз бенен қоса туўған муңлық-зарлық,
Бул дуньялық ислерден ўаз кешип барлық,
Тек те, басын шайқай-шайқай кетти десем!
Жоқ-жуқаның жалтақлығын көрмеў ушын,
Қәнәәтсиз нәпсиге жол бермеў ушын,
Өзгелер деп өзин-өзи тергеў ушын,
Ҳақ пәрманын жер астында күтти десем!..
Мутәжине жеткереалмас пулын санап,
Бул жоқшылық аш ийт киби жалақ-жулақ,
Заман қайда баратыр, заң қандай Я Рәбб?..
Қарапайым халыққа қабақ шытты десем!
Жараспас па, татыў ерли-зайып болса,
Зурьяд зәрур!.. Туўар... Әттең, майып болса?
Буның ушын сорлыларда айып болса...
Рам тыйығы жан липасын сөтти десем!?
Наҳақлық ой-сезимлерин таплар екен,
Кеп-кең дүнья усындайда тап-тар екен,
Жер үстин тәрк еткенинде гәп бар екен...
Яссауийди неге ғамгүн етти десем!?
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (363-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ОБАЛ...
Жыртылып атқанбыш Азон түңлиги,
Жамаў басып болмас Аспанға обал.
Батыры оянбас, халқы қозғалмас,
Арзыў-әрман толы: дәстанға обал.
Бабалар қәстерлеп өткен топырақ,
Душпанлар таплаған далаға обал.
Ар-намыс нелигин уғына билмес,
Тәрбиясы насаз балаға обал.
Қағазлар тъңламас дады-пәриядын,
Тик қәдди бүгилген қәлемге обал.
Тәкаббырлық бир күн тарттырар жаза,
Әлик алынбаған сәлемге обал.
Өзин ел-журтына бағышлап пүткил,
Соң қәдири кеткен данаға обал.
Барын сырқып берип, күнниң күнинде,
Мийримге суўсаған анаға обал.
Халықтың, туўған жердиң парқын аңбаған,
Наданлық, таңылған наданға обал.
Тек, ишип-жеп кетиў жолын таңлаған,
Жүрек оты өшик адамға обал.
Ушлығына жетиў мүмкин бе санап,
Жанбастан қул болған көмирге обал.
Жерге де, елге де артықмаш салмақ,
Бос, бийҳуўда өткен өмирге обал...
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (361-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
УЛТАН БОЛЫП ӨТСЕҢ ҚАЛАЙ БОЛҒАНЫ?
Ғайры елатларда султан болғанша,
Өз журтыңда ултан болмақлық артық.
Туўған жерди қәдир тутып бул нақыл,
Қояр ҳәр перзентке зор талап-тәртип.
Тек, бир мәрте келер дуньяға адам,
Өмириң айтқызар талай олланы,
Бирақ, өз елиңде қорлықта жасап,
Ултан болып өтсең қалай болғаны?!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (354-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ҲӘР БИР ҚАРАҚАЛПАҚ – МЕНИҢ ЖАЛҒЫЗЫМ!
Халила аға, Сиз Қарақалпақстан топырағы, оның өтмиш тарийхы, ондағы ўатанласларыңыз туўралы тап жалғызыңыздай көрип, емиренип жазасыз.
Б. ДӘНИЯР.
Усындай саўаллардан кейин усы қосық қатарлары туўылып еди. Бизиң перзентлик, қәлемкешлик миннетимиздиң өзи де туўған топырағымызды, халқымызды тәриплеў, улығлаўдай парыз ҳәм қарызлардан ибарат емес пе, ақыры?
АВТОР.
Жалғыз нәрсе болар аса қәдирли,
Жойтыў қорқынышлы: ой келер түрли...
Қызыр Илияс жүрер жол деген пирли,
Уллы Әмиўдәрья, Арал жалғызым.
Аз емес шайпалған, шашылған ўақты,
Рәўа да көрген күнлерди жақты,
Панайында сақлар Қарақалпақты,
Мың да бир аты бар Алла жалғызым.
Әлемниң үмити: тек, көкте Қуяш,
Кометалар аңлыр жыртқышлардай аш,
Жасаў ойың болса жаманлықтан қаш,
Жер мениң жалғызым, Аспан жалғызым.
Турысы сирескен арзыў-әрмандай,
Ҳәр кеши ҳәр қырда калған кәрўандай,
Басқа ҳеш кимим жоқ мениң барғандай,
Қарақалпақ тилим, Халқым жалғызым.
Дүньяда жалғызлар аз емес, бирақ,
Бәри де Ҳаклық деп жақпайды шырақ,
Бундай жудалыктан әйлегей жырақ,
Елим, журтым, үйим, Ўатан жалғызым.
Қызғын берип сарплап жүрек ҳәўирим,
Алтын дәўир болса дермен дәўирин,
Елжиреп, езилип кетер баўырым...
Ҳәр бир Қарақалпақ - мениң жалғызым!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (335-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ҚАРАҚАЛПАҚ БАСПА СϴЗИ
Жақсылар сап ақыл туқымын шашып,
Көгертти туўған жер өз көксин ашып,
Қарақалпақ баспа сөзи туўылды,
Мисли халық көзине гәўҳар қарашық.
Диз қосып дәрбәдер жүрген ҳәриплер,
Сөз қурап өз бахтын тапты ғәриплер,
Арабша латынша болды хат басы,
Тилинде толғанып толғаў тәриплер.
Билим жағасына тигилген нәлин,
Аязлар шытнатып сўўғарды жалын,
Әрманға сабылған ҳәр бир дарағы,
Бул бағдың дарағы тәрбия тәлим.
Көкиреги ғамғун кунлерден тойып,
Дәўран зәңгисине аяғын койып,
От жаққышлық етти ығбал журтында,
Мәденият ошағын үшкиллеп ойып.
Жазбаға көширтип аўызекини,
Саўат аш деп шырлап қарлықты үни,
Шаңарағына шаншып илим уўығын,
Қурған ирге керегеси бекиди.
Қыйынлардан өткел таўып өт-өт деп,
Көзин ашсын, халық болсын деп жетеклеп,
Ҳуўшын бийлеп келешекке жериклик,
Елге китап туўып берди етеклеп.
Толайым толы журт оқып сабағын,
Билим нуры жўўды наданлық дағын,
Бул жай саўапқа бай муққаддес мәкан,
Кишигирим нусқасындай Кәбаның.
Кешеги жас, бүгингиниң қариясы,
Китап, газет-журнал айтқан ариясы,
Суўсаған жанлардың шөлин қандырған,
Бул,-мәўижли руўхыйлық Дәрья сы.
Усы жерде ғаз-ғаз басты Әлипбе,
Жаслар тусти билимданлық қәлипке,
Ўатан кеўиллерге шам-шырақ жағып,
Көш-кәрўан баслатты илми-тәлипке.
Ел менен тең тәшўиш, тең қошлап ўақтын,
ϴмир бәйгисинде сынаған бахтын,
Қанша перзентлерди бөледи даңққа,
Ақыл бинят еткен мәртебе тахтың.
Бунда ҳәр саўалға табылып жўўап,
Ким хызметин етсе алыпты саўап,
Путкил халық қос қолын көксине қойып,
Алтын босағаңды әйлейди таўап.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (233-234-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ДОС БОЛЫЎ ҲӘММЕНИҢ ҚОЛЫНАН КЕЛМЕС
Қаймығыўды билмес жаўҳардың жүзи,
Темир тыйықлардың, қалтырар дизи,
Сайрам-сайрам болып қалғандай изи,
Мәрт болыў ҳәммениң қолынан келмес.
Бул ушын ең ағла сезимлер керек,
Ɵзгеде жоқ тақат-төзимлер керек,
Көзлерге жас алып езилмек керек,
Яр болыў ҳәммениң қолынан келмес.
Аўыр кешер оның жоллары жүдә,
Арзыр дейди жанды әйлеўге пидә,
Бираз бәлент пәрўаз гәплер бийҳуўда,
Дос болыў ҳәммениң қолынан келмес.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (216-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
СИЗЛЕРГЕ АЙТАРМАН ӘКЕСИ БАРЛАР!
Бағмансыз бағ болмас, әкесиз зүрияд,
Тырнақтан соң дийўал көтермей ме кәд?
Сени усы жанлар әйлеген биняд,
Тыңлаңлар, атасы-анасы барлар.
Әкең барда жылқың шыққандай таўға,
Оннан айрылғанлар қалғандай жаўда,
Басында көп болар тәшўиш ҳәм ғаўға,
Бундайдан бийхабар әкеси барлар.
Атаны «уллы» деп айтпаған тегин,
Батырлар жоқ екен алынбас кегиң,
Туқым тасланбаса болама егин,
Ығбал әпиў еткей қәтеси барлар.
Арзыў-әрманларға толып жүреги,
Уясын қызғыштай қорып жүреди,
Әкелер ул-қыздың сүдин-тиреги,
Сизлер – базарлаўға қаласы барлар.
Анаң-кәабаң тийип жүрмесин тилиң,
Олар тири кезде қәдирин билиң,
Даўран бақса мәйли ойнайыў-күлиң,
Сизлерге айтаман анасы барлар.
Кеўлимди дәрт оғы менен оқладым,
Пушты-кәмарымды мың-мың жоқладым,
Сүрнигип тубалап талай тоқтадым…….
Сиз байлардан байсыз әкеси барлар.
Әкелер ҳаққында онша сөз болмас,
Олардан кеңпейил, көргиш көз болмас,
Алтын, алтын болып қалар жез болмас,
Әй,Сиз!....Жел жағының панасы барлар.
Аналы қызлардың сезими тынық,
Әкесиз уллардың кеўили сынық,
Ашшы тийер тәғдир силтеген шыбық,
Торықбас иниси-ағасы барлар.
Қай заманда жасап, болсаңда кимлик,
Атаға бийҳүрмет – қудайға сумлық,
Турың, қол қаўсырып әйлеңиз қуллық,
Сизлерге айтаман: Әкеси барлар!
Кеўли жәм атасы-анасы барлар,
Шаңлағы, қызықлы қаласы барлар,
Сизлерге айтаман әкеси жоқлар,
Биз кеўлиңди наласы барлар!
Сизлерге айтаман, Әкеси барлар!.....
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (209-210-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
МҮМКИН!
Өмир бәрҳа бәҳәр, бәрҳа қыс емес,
Тек, азан-кеш емес, шаңқай түс емес,
Бәрше кеўиллерде бүлбил қус емес,
Ғақылдаған ғарға болыўы мумкин.
Ҳешким, Ҳешкимсениң «қойын бақпайды»,
Шенеўсиз сахыйлық соңыра хақлайды,
Ҳәмме бәлентликти аңсап мақтайды,
Бийиклер пәс болып қалыўы мүмкин.
Заман керек етпес нәсийҳат-үгит,
Ким нени уқтырар, ким нени уғып...
Хүжданлар кеселбент, арсызлық жуғып,
Билмедик, ким емин табыўы мумкин?
Қәлбимде қысымлап дәрт-арман ғозын,
Қызығын алып турса жүрегим-сөзим,
Халықтың көкирегин кернеген сезим,
Нур яки булт болып жаўыўы мүмкин!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (204-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ҚАРАҚАЛПАҚ ЫРҒАҒЫ
Жибимес жанлардың баўырын ериткен,
Үмит шашбаўларын бирге өрискен,
Кеўиллерди жақсылыққа жериткен,
Сөзи шийрин Қарақалпақ ырғағы.
Нәрестениң сулыў шүлдирлисинде,
Гүлдирмамалардың гүлдирлисинде,
Сағым боп жол силтер үргин ишинде,
Көш басында Қарақалпақ ырғағы.
Халқым көксине қуп әжеп мөрленген,
Ҳәййиў айтқан, бесик пенен тербелген,
Сыңғырлап төгилген гүмис-зерлердей,
Ҳүр, азада Қарақалпақ ырғағы.
Гәда болып кетсем елге қайтарар,
Даналыққ нәсият-ақыл айта алар,
Таўдай гүңиренер, көлдей шайпалар,
Бүркит пәрўаз Қарақалпақ ырғағы.
Күнниң зер шуғласы, Ай нуры сенде,
Қылыш-қалқанлардың даўрығы сенде,
Сүйрик сезимлердиң баўлығы сенде,
Жыр уясы Қарақалпақ ырғағы.
Қолы жағасында, тилде шүкири,
Аппақ ай–Анамның ойы-пикири,
Ушқын шашқан Пирлеш порқан зикири,
От-жалынлы Қарақалпақ ырғағы.
Әкемниң қарлыққан ҳарғын үнинде,
Гүллер жилўасында, бүлбил тилинде,
Мениң жүрегимниң ҳәр дүрсилинде,
Доланарсаң Қарақалпақ ырғағы.
Кеўиллер дүньясын бәнт еткен жаўлап,
Шарап Пахратдин сазына саўлат,
Ким екенине шек келтирсе әўлад,
Зар-гиряндур Қарақалпақ ырғағы!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (53-54-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
АҒАЛАР, СИЗЛЕРГЕ АРЗЫМ БАР МЕНИҢ!..
Әжинияз шайырдың пәрияды
Дәрт парағын жазып пәрияд әйлейин,
Бул дүнья бийопа дүнья, нәйлейин!..
Зибаным, қоллағыл, аз-кем сөйлейин,
Йош-деген алтыннан тарлым бар мениң.
Дәўран қыя бақпас, сапа сүрмедим,
Шадлық-бахыт биле ҳәмдам жүрмедим,
Ығбал отым түтер, йығлап үрледим,
Истеген жайымға барғым бар мениң.
Жеккелик ямандур, сәўбет яқшыдур,
Түйнеги шийриндек, пәлек ашшыдур,
Пазыйлетли жанлар дүнья нақшыдур,
Мойнымда оларға қарызым бар мениң.
Ҳүр қызлар бу ара барым сездирди,
Несибим гә даш, гә шөлә гездирди,
Намәртлер дөҳмети елдин бездирди,
Өзимде өзимниң қәбирим бар мениң.
Беш күнлик дүньядур көңил бергеним,
Тек көз жас, ялғанлық бунда көргеним,
Шеңгел болып шығар гүл деп тергеним,
Яр деп шеккен жапа-жәбирим бар мениң.
Кекселик – гүндесиз қосына жеккен,
Ингендек бозлаған, нардайын шөккен,
Ҳәр басқан изине жақсылық еккен,
Жол күткен кемпир ҳәм ғаррым бар мениң.
Ҳеш жүзип билмәнәм кешмиш дәрьясын,
Бос айдап өтермен өмир арбасын,
Арзы-ҳалым сорар йоқты ғардашым,
Жети журтты гезген шарығым бар мениң.
Мәртликке, пәкликке, кекке шарланды,
Ғәрибана ҳаллы, патша пәрманы,
Жүз мың ҳәсиретли, жүз мың әрманлы,
Жүрек деп аталмыш зарлым бар мениң.
Барлар кеме жаллап өрлер сағаға,
Шырлап қала берер журты жағада,
Яратқан, инсап бер бийге, ағаға,
Ел-деген жақыбай-жарлым бар мениң.
Кеўиллерди шадлы сөзлерә безеп,
Наймытлар тобына ғәзебим гөзеп,
Көзсизди жетелеп, ойсызды тежеп,
Атқарар инсанлық парызым бар мениң.
Беглерим, бу пақыр көңлимде мән жоқ,
Дәўлет бақпас екен: саўлат жоқ, сән жоқ,
Жан ашыр яран жоқ, пушты-панам жоқ,
Басқа мүлк-дәскем жоқ... Дәртим бар мениң!
Бүркитлер ушардан неге илмеске?..
Кәтқуда ҳақ сөзди неге билмеске!
Ел муңы Ер көксин неге тилмеске?
Ағалар, сизлерге арзым бар мениң!
Ығбал көзгим сынып – сөзим паш еттим,
Бу жүдеў жанымды әбден аш еттим,
Туўған халқым дийип көзим жас еттим,
Көксимде – жан деген арлым бар мениң!
“Ашық болып жасаң” китабынан (26-27-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ДҮНЬЯДА САТЫЛМАС НӘРСЕ АЗ ЕКЕН...
Дүньяда сатылмас нәрсе аз екен,
Ең мүшкили – жасаў көзиңди сатып.
Шынлықтан басқасы қурғақ ўаз екен,
Сен де қәреп қыл ма өзиңди сатып.
Руўзыгер деген тарқамас базар,
Ким алар, ким ол-бул буйымды сатып.
Журт жаңалаў ушын я көрип азар,
Кетиўиң де мүмкин үйиңди сатып.
Еселеп аларсаң жақсы сөз сыйын,
Тил деген өтимли палыңды сатып.
Бирақ, соң бир ушқын табыўың қыйын,
Көкирегиң толы жалынды сатып.
Дәртсизге муң шақпа, зинҳарыў-зинҳар,
Болмас, қулақларға зарыңды сатып.
Кеўлиң туғырында талпынған суңқар,
Қулазып қалмағыл, арыңды сатып.
Аталмыш ақыры: гәрдишли пәлек,
Мысқа қардар етер, алтынды сатып.
Егер, мына саўда әйлесе ҳәлек,
Ҳеш ўақ қутаймассаң халқыңды сатып!
“Ашық болып жасаң” китабынан (18-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
“Aral teńizi” Oratoriyasınıń premyerası bolıp ótti
“Orol dengizi” Oratoriyasining premyerasi o’tkazildi
Biziń betlerimiz: || Bizning sahifalarimiz:
#TITU_NF
#Úbbiniyaz_Áshirbekov_80_jasta
Muhammed al-Xorezmiy atındaǵı TITU Nókis filialında Úbbiniyaz Áshirbekovtıń 80 jıllıq yubeley toyı keń túrde belgilendi
🏛Búgin Muhammed al-Xorezmiy atındaǵı TITU Nókis filialında "Doslıq" ordeni iyesi, "Qaraqalpaqstan Respublikasına miyneti sińgen irrigator" húrmetli ataq iyesi hám "Ardaqlı nuranıy" kókirek belgisi iyesi Úbbiniyaz Áshirbekovtıń 80 jıllıq yubeley toyına baǵıshlanǵan ilaj shólkemlestirildi.
Ilajdı TITU Nókis filialı Oqıw isleri boyınsha direktor orınbasarı X.Seytkamalov ashıp berdi hám alıp bardı. Onnan soń Qaraqalpaqstan xalıq jazıwshısı X.Dáwletnazarov, Qaraqalpaq mámleketlik universiteti professor oqıtıwshısı B.Qosshanov, Qaraqalpaqstan xalıq artisti D.Mámbetmuratov, Nuraniyler J.Mambetov, X.Bekmanovlar sózge shıǵıp Ú.Áshirbekovtıń miynet jolı haqqında aytıp ótti. Sonday-aq ilajǵa Úbbiniyaz Áshirbekovtıń perzentleri hám jaqınları qatnastı.
Rásmiy betlerimizge aǵza bolıń:
👉Telegram | Instagram | Youtube
| Facebook | Website | Twitter
https://youtu.be/sGNEuuKfJ3s?si=nFf5jYv5l0vBk_wT
Читать полностью…ӘКЕМНИҢ ШЫЖЛАН ҚАЛТАСЫ
Әкемниң бар еди шыжлан қалтасы,
Оннан ҳешўақ акша арылған емес.
Пул услап-тутыўға болса да қатты,
Кең пейили онша тарылған емес.
Аўылда пахтакеш ата-анамның,
Билмедим, ол ўақта қандай айлығы?
Бирақ та, бизиңше; усы шыжланда,
Дүньяның көл-көсир бираз байлығы...
Гә-гәде келтелик еткенде колым,
Муртымды кешмиштиң шаўып балтасы,
Сағынтып есиме түсе береди,
Әкемниң сол шерим шыжлан қалтасы.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (364-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ҚАЙНАП-ҚАЙНАП…
Жазыўға бир мүмкиншилик,
Болар-аў деп пайыт пайлап.
Сол илҳамды келетуғын,
Күтип өттим жыллап, айлап.
Қыял етпей қыйырдағын,
Қорек қылып буйырғанын.
Маңлайымды жыйырмадым,
Алғаным аз сайлап-сайлап.
Инсан пейли қалай-қалай,
Бирде былай, бирде олай,
Тәғдир түйин түйген талай,
Қайта-қайта байлап-байлап.
Не тартқыға төзер жаның,
Бәршесинен безер жаның,
Жасаў юахтын сезер жаның,
Ғумша ләблер қаймақ-қаймақ…
Қой, жетер! Бой бөлеп турыс,
Сөз ләшкерим баслап жүрис,
Нәкаслыққа аштым урыс,
Жигеримди қайрап-қайрап!
Бойын аўлақ салып сумнан,
Ҳәтте, шынлық көзин жумған,
Биз де отта мисли қумған,
Таўсыларман қайнап-қайнап...
Жырдан дизип қантыў-набат,
Дәрттен аршып қабат-қабат,
Кеўиллерди етсем абат, –
Бүлбил қустай сайрап-сайрап.
Ҳақлық тән ҳаслы тегиме,
Шайырлық түскен шегиме,
Халқым исмин жүрегиме,
Қадап қойдым етип байрақ.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (362-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ҚӘЙДЕМ?
Қәйдем, жалғыз журип ат шаптым, қәйдем,
Ким қол созды, кимге қол жаптым, қәйдем,
Өзимди аяйман, аяп та болмас...
Туўыры болып жүдә не таптым қәйдем?
Күткен адам күтсе, мендей-ақ күтер,
Жанса мендей жанып, мендей-ақ, түтер,
Өмир саўдам қәйдем қай ўақта питер,
Жүрегимди жөнсиз жылаттым, қәйдем?
Сулыўлыққа дым-дым аўғыш-ақ зейним,
Муҳаббатқа сирә жоқ емес мейлим,
Бирақ, түсингенлер кем оның пейлин,
Кереги бармекен сүйиудиң, қәйдем?
Не жақтырта алар дүньяны таңдай,
Тән ушын әл-ҳасыл гәўҳар жоқ жандай,
Бахыт қусы деген болады қандай,
Дәртсиз адам қандай болады, қәйдем?
Жеткен жерим қай жер? Жуўырдым қәйдем,
Жанымды көп жөнсиз қуўырдым қәйдем,
Қай күни кимгедур берермен есап,
Мен өзи не ушын туўылдым қәйдем?!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (357-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
Тәғдир жазса, сүймесиңди-әм сүйерсең
Канал: @X_Dauletnazarov
ТУЎҒАН ТОПЫРАҚ ТОРЫҚСА
Туўған топырақ торықса,
Азаматлар теңселер,
Көкиреклер кенарын,
Сирестирген сен келер.
Бас көринип жағадан,
Қоллар шыққан жең келер...
Гәде жаяў, жаўтаңлап,
Жорғаға да минилер.
Қыйын күнде кимлердиң,
Ким екени билинер.
Ағаларды түсинип,
Уға бермес инилер.
Тәрезиден жегенлер,
Алдадым деп мақтанар.
Соңыра жүрек-баўыры,
Дәрт дузына қақланар.
Арашалап алтандай,
Дәлил таппас ақланар.
Тәрбиясыз, тыйыўсыз,
Ғоддаслаған еркелер.
Доныз сыпат, ийт минез,
Бет бактырмас өр келер.
Халықшыл арзыў, туйғыдан,
Көкиреги гөр келер.
Ғарғыс болып кайтады,
Жеткизилген азарлар.
Тарқап кетер бир демде,
Ығбал,–деген базарлар.
Тергеўлер жер астында,
Тек, ғаўқыйсар мазарлар.
Ет байлаған бийкелер,
Семирдим деп қуўанар.
Жиңишкерип намысы,
Бел-бөксеси жуўанар.
Бир-биринен қарызға,
Тиллерине уў алар.
Гүна деген уймаға,
Белшеринен батқанлар,
Маңлайына арылмас,
Қалың сорды шатқанлар.
Кесеўи ҳеш көгермес,
Елин-халқын сатқанлар...
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (295-296-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
СИЗДЕН МИЙРАС БОЛЫП ЖАҚСЫЛЫҚ ҚАЛСЫН
Бирадар, берилмиш саўалым Сизге,
Кеўлиңде от бар ма урғандай жүзге,
Ҳаўаз қос, аяқ қос, қолың соз бизге,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Ел-халық туйғысыдур ең ағла сезим,
Инсан жарасығы сабыр ҳәм төзим,
Жасап Ана-Ўатан қасында өзиң,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Батырлардың даңқы, ханлардың тахты,
Тек те, журты менен олардың бахты,
Саўаптың да бардур өлшенер ўақты,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Адамды сөз, желден бузылар таў-тас,
Кетилер қайтыўды билмеген алмас,
Гүл өз мәўсиминде, соң көрки қалмас,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Өмирлер ырысқалы әўел-ҳа жерден,
Мәртлик те муқаддес жайға көгерген,
Адам болып жасап Қудайы берген,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Жақсы адамларға қул киби жаллан,
Ҳақлық жығар қанша болсаң да палўан,
Жемис ағашындай мол мийўа салған,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Өмир инсан ушын аз неге мәўлет,
Ҳәрким хош айтысар жеткенде нәўбет.
Биреўден сөз қалар, биреўден дәўлет,
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Жүректе атқызып халықшыллық таңды,
Туўған топыраққа кепсерлеп жанды,
Келешекке пүтин бериң Ўатанды–
Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (225-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
БАЛАЛАР ҮЙИНИҢ БАЛАЛАРЫ
Сизлер бахытлы болыўыңыз мүмкин еди,
Бирақ, тәғдир буны раўа көрмеген.
Туўылмай турып –ақ биразыңыздың,
Ығбал хатыңызды жазмыш мөрлеген.
Ата-анаңыздың араларында,
Ерли-зайыплылық қатнас үзилип,
Соннан сизлердиң де өмирлериңиз,
Усылайынша кеткен қәте дүзилип.
Сизлерди сыйдырмай бийгана еткен,
Үйиңиз жоқ-жуқа я көп балалы.
Жүрегиңизди дәрт өтеди тырнап,
Көзиңиз тил қатар үнсиз, налалы.
Анығына жетпей сынап минеўдиң,
Көтерип жүрмейик аўыр гүнасын.
Мүмкин мийирман ҳәм ғамхоршыңызды,
Урғанды әжел деп аталмыш жасын.
Кеўлиңизден кетпес ғам көлеңкеси,
Оған жағылса да шадлықтан шырақ.
Балалығыңыз бүйтип адаспас еди,
Әкеңиз болғанда диянатлырақ.
Анаңыз болғанда азмаз писентли,
Жеңгенде үйшилик қәўпеки гәпти.
Әттең, үстем шығып нәпси бәлеси,
Ыбырсыққа атқан обал-саўапты.
Сизлер бахытлы болыўыңыз керек еди,
Шады-қоррам жасап өз үйиңизде.
Бул үй бар ма, бурын болған ба өзи,
Мәгәр, ата-анаңыз қаўышқан дүзде,
Кимсең, кимнен туўдың, қаяқтан тегиң,
Бар шығар ҳеш көриспес ханалас-баўыр,
Азаптың түри көп, қайғы жоқ бирақ,
Ɵзлигиңди билмей өтиўдей аўыр.
Сизлер өкинишлердиң ашшы мийўасы,
Ɵмириңизге ҳижран нәлшелер тиккен.
Қайысып-майысып өтерсиз бәлким,
Әрман сағыныш деп аталмыш жүктен.
Адамның баллары болың баслысы,
Қәйтейик қәлблери жаралы жансыз.
Ата-анасыз журдай жетимсиз мәйли…
Бирақ, қалдырмағай Халықсыз, Ўатансыз!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (214-215-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
АЎЫЛҒА БИРОТАЛА ҚАЙТҚАН КҮНИ...
Туўылып -өскен аўылыңыз туўралы қайғырып, тәшўишли қосықлар жазасыз. Өкинетуғын болсаңыз неге енди басқа мәкан тутып ата журтыңызды таслап кеткенсиз. Буған не мәжбүр етти? Қайтып келмейсиз бе?..
Қуўатбай Бекбаўлиев
Халқабадтағы поэзия кешесиндеги саўал
Әй, ығбалым...Даўыл бол, даўыл, даўыл...
Тусында бизди алып қалғай аўыл.
Жип орнына қол келер мойынбаўым,
Жүкке қосып өзим-әм шандыларман.
Гилт таппай кеўлимдеги сезим қулпка,
Тап тойындым...не уттым жүрип сыртта,
Жан әкем гүңиренип өткен журтта,
Кәрамның қуў қобызын шалдыраман.
Мен, әзиз Ата-Анамды – Хақ деп билген,
Туўған жерди алтын таж-тахт деп билген,
Шерек сүйем жырса да мәп деп билген,
Қоңысыларға жеримди қалдыраман.
Көп түстим ой-қыяллар талаўына,
Күн келер ығбал отын қалаўыма,
Қуўат иним, сениң сол саўалыңа,
Тилге тийек сөз таппай лал тураман.
Қыл жалаған қанжардур – кеўлим муңы,
Тилгиленип, тозығар жүрек – қыны,
Аўылға биротала қайтқан күни,
Шашымды тықырлатып алдыраман!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (205-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ӨЗИМНЕН БАСҚАҒА ӨКПЕ-ГИЙНЕМ ЖОҚ
Ой-қыял жонғысы қәлбимди жонып,
Бахыт қусы гейде басыма қонып,
Ҳақыйқаттай қоллап, шынлықтай болып,
Ҳешким мениң көзлериме тийген жоқ.
Жаздырылып кетти көп өмирим орамы,
Шадлық шуғла шашты, тәшўиш борады,
Мениң бойымдағы менлик сорамы,
Жалған ҳүкимине мойын ийген жоқ.
Бул ҳалатты бастан кешкен биледи,
Үмит оты жанып-өшкен биледи,
Көксинде дәрт сеңи көшкен биледи,
Ҳешким яр ышқында биздей күйген жоқ.
Кисиге қаратлық қылмай күнимди,
Тумашалап өткердим ығбал түнимди,
Дүзетпеген кеўилшеклик минимди,
Өзимнен басқаға өкпе-гийнем жоқ.
Ҳаққа жәбир берсең тутар кийеси,
Бир жағылса кетпес пәслик күйеси,
Елим-журтым жан-тәнимниң ийеси,
Мәгар, ҳешким халқын мендей сүйген жоқ.
Жақсылардың тийди берген дуўасы,
Қосықларым – ким екеним гүўасы,
Шайыр, халықтың ең қайсар, ең жуўасы,
Халил дер: еле көк көйлек кийген жоқ.
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (63-64-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
ҚАРАҚАЛПАҚТЫҢ
Әмиў, Арал, Қызылқумның аясы,
Ҳақ әйлеген жери Қарақалпақтың.
Шөлден қашар болса ығбал саясы,
Қатпар-қатпар шери Қарақалпақтың.
Қылышы – туўры сөз, қалқаны – ҳақлық,
Көңли шегарасыз, ойламас сақлық.
Есабы-шотында жоқ нақма-нақлық,
Шатасқан пайты көп Қарақалпақтың.
Қызғыштай қорылар Жер ҳәм Аспаны,
Көңли дәрья киби алтын жаскалы,
Тән алмайды Яратқаннан басқаны,
Ғайбар минези бар Қарақалпақтың.
Қус қанаты талған шексиз шөли бар,
Көзлердей жасаўрап баққан көли бар,
Ығысқан, қойдан да жуўас ели бар,
Ғәрип-қәсери көп Қарақалпақтың.
Көшип-қонып жасап өткен –Тураны,
Тилде – Қарақалпақ болыў ураны,
Ийшаны қолында Ҳақтың кураны,
Халқы динине берк Қарақалпақтың.
Жипке дизе бермей өкпе-гийнени,
Бирлессе қүдирет күшдур бийлери,
Сүйенгени –Үмит, Әрман – үйлери,
Мәсләҳәти узақ Қарақалпақтың.
Мәртке қап қолдасар қостар минәсип,
Мингизер атының зәңгисин басып,
Халық ушын буўынар белин қынасып,
Қайтпас қайсарлары Қарақалпақтың.
Арман тур десең де келер ғаррылық,
Журтында тең жүрер байлық-жарлылық,
Бәршесинен үстин намыс-арлылық,
Қанжары қыл жалар Қарақалпақтың.
Қасарысқан жеринен қан алмаса,
Жаўының басына саўда салмаса,
Қаракеңлик көшкисинде қалмаса,
Көңли кеншимейди Қарақалпақтың.
Сәл жыллы лебизге кетеди ийип,
Сәл наҳақлық көрсе кетеди күйип,
Шадлығы шашылып, муң-дәртин түйип,
Телеги бос турмас Қарақалпақтың.
Улы насаз шықса мүмкин бе бүркеў,
Қызы ойсыз болса бетине ширкеў,
Халқында ҳеш мийри қанбас шөлиркеў,
Ығбал суўсыны кем Қарақалпақтың.
Дурыслықтан өзгеге дизе бүкпеген,
Таў-тас жоқ маңлайы барып дүкпеген,
Дәртин, қуўанышын артқан жүк пенен,
Көши рәўана Қарақалпақтың.
Шекпени жетпесе жетпес дизине,
Ҳешкимди тик бақтырмайды жүзине,
Шөп ермес, сөз ерер бирақ изине,
Көңили бийғубар Қарақалпақтың.
Ийлеўи қанған жер, дузы татлы жер,
Аўзы дуўалы жер, қәлем-хатлы жер,
Гүллер төселген жер, тикен-шатлы жер,
Көкиреги бостан Қарақалпақтың.
Жүриси-турысы саўлат-салтанат,
Тили бүлбилгөя, көңиллери хат,
Назын мәрт көтерер, көтереалмас ат,
Қыз ҳәм келинлери Қарақалпақтың.
Жипектейин жуқа жүзинде зия,
Сынық минез келер, бақпайды қыя,
Көзинде-сөзинде болар мәргия,
Қызлары қәлем қас Қарақалпақтың,
Нәзәкат бағында – нәзик, ийбели,
Қызыллы-жасыллы липас кийгени,
Ашық-машуғының жанып-күйгени,
Сыр болып сақланар Қарақалпақтың.
Сулыўлар елинде пәрийлер мисли,
Гүлзархан, Ғумшагүл, Айбазар исми,
Жүз мың гөззаллықтың қаймағы ҳүсни,
Мәҳийтабанлары Қарақалпақтың.
Қумлар – суўсап баққан алтын зерендей,
Шайпалып төгилсе дәртим тереңлер,
Қоллаўшы Қырқ шилтен ғайып еренлер,
Жортса жыгаўында Қарақалпактың.
Алымының шырлар қәлеми-хаты,
Шайырының сөзден жоқ басқа заты,
Мың-мың тәрип, толғаўлардың елаты,
Жери көзге сүрме Қарақалпақтың.
Моншақ киби дизип сөзлердиң дүрин,
Ақ қағазға сырқыш көзиниң нурын,
Жырлап өтер ели-халқьның жырын,
Халил – зибаны дер Қарақалпақтың!
Х.Дәўлетназаров
“Ашық болып жасаң” китабынан (34-36-б) Нөкис. “Билим” 2011.
Канал: @X_Dauletnazarov
АШЫҚ БОЛЫП ЖАСАҢ!
Дүнья – шадлықтан ҳәм муңнан ибарат,
Ығбал тағамыңа қатылмышдур дәрт,
Ҳәр қандай бәледен сақлар муҳаббат,
Егер, мүмкин болса ашық болып жасаң!
Бундай бийҳуўыш етер шарап жоқ бәлким,
Буннан сулыў айна-тарақ жоқ бәлким,
Оның азабындай азап жоқ бәлким,
Лекин, шыдап-төзип ашық болып жасаң!
Өмир дарағыңа мийўе байлатар,
Ығбал бостаныңда бүлбил сайратар,
Илаҳий нур дарыр, жаның жайнатар,
Ҳақ болғыңыз келсе ашық болып жасаң!
Биле тура басын саўдаға салған,
Ким мәсирген, кимлер ғаўғада қалған,
Бирақ, муҳаббаттан басқасы жалған,
Мәрт болғыңыз келсе ашық болып жасаң!
Дүңкилигиң дүзеп тегислер жоңғы,
Көп гүнаға батсаң болмассаң оңлы,
Туңғыш муҳаббат па ямаса соңғы,
Қолыңыздан келсе ашық болып жасаң!
Ышқы деп гүл емес тәниң төсеңиз,
Муҳаббатқа толсын кеўил кесеңиз,
Дүнья, ҳүр-азада болсын десеңиз,
Дос болғыңыз келсе ашық болып жасаң!
Өз қәлеўиң менен болмайды бул ис,
Бийпайда, жүрегиң соқпаса дурыс,
Муҳаббат – илаҳий, уллы қубылыс,–
Қолыңыздан келсе ашық болып жасаң!..
Канал: @X_Dauletnazarov
Мәҳәллелерде мәденият ҳәм ағартыўшылық айлығы даўам етпекте
Өзбекстан мәмлекетлик Консерваториясының Нөкис филиалында елимизге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға белгили дөретиўшилер қатнасында мәдений-ағартыўшылық илаж өткерилди.
________________
Маҳаллаларда маданият ва маърифат ойлиги давом этмоқда
Ўзбекстон давлат Консерваторияси Нукус филиалида таниқли ижодкорлар иштирокида маданий-марифий тадбир ташкил этилди
Каналға ағза болыў 👉 /channel/QR_mahalle
#Әмиўдәрья_2024_1
Журналдың 2024-жыл 1-санына шолыў
Руўхымызды суўсынландырған «Әмиўдәрья»
Ана-Ўатаныӊызды, халқыӊызды, туўған жериӊизди, миллетиӊиз тилин сүйетуғын болсаӊыз ҳәм оныӊ жасаўын қәлесеӊиз: биринши нәўбетте оларды ушығаныӊ қыйқымындай кѳрип қәдир тутыӊ, дурыс сѳйлең, ѳсип-раўажланыўына ѳз үлесиӊизди қосыӊ.
Буныӊ ушын баспасѳзден қол үзбең, жазылыӊ, оқыӊ, үйрениӊ, руўхый дуньяӊызды байытыӊ.
Кѳркем әдебий шығармалары менен 92 жыл даўамында ярым китап ҳалында басылып, қаншадан-қанша әўладлардыӊ суйикли басылымы болып киятырған ”Әмиўдәрья” журналы сизлерге руўхый жақтан қап-қолдаслыққа бәрҳама таяр.
Халқыңыздыӊ, миллетиӊиздиӊ, ѳзиӊиздиӊ бирден-бир журналыӊызды қоллап-қуўатлаўды умытпағайсыз, буныӊ ушын оған, әлбетте, жазылыӊ!
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал