💻muynak.uz 📱youtube.com/channel/UCvShnrQFTti7Ap8iK8gPXWA 📱https://www.facebook.com/profile.php?id=10008; 📱instagram.com/muynak.press.service/; 📱twitter.com/05RTa8ARQqi9NyE; ☎613221357; 📝http://t.me/joinchat/FH3LxNAWuVRQDy4g; @muynakpress_bot;
"Өзбекстан - жаслар мәмлекети" сүрени тийкарында бүгин, 25-апрельде күн даўамында өткерилген спорт жарыслары, закаўат ҳәм шығармалар таңлаўлары жеңимпазлары Жаслар ислери агентлиги Мойнақ районлық бөлими тәрепинен сыйлықланды.
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
/channel/pressa_moynaq
ПРЕМЬЕРА
Дузлы өмир - Аралбойы аймағыныӊ ҳаял-қызлары ҳәм климаттыӊ өзгериўи
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ қоллап-қуўатлаўында «Aral Dream» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми жәмәәти тәрепинен таярланған Аралбойы машқалалары орайында жасап атырған қарақалпақстанлыларға арналған қысқа метражлы фильм
Толық көриў 👉 https://www.youtube.com/watch?v=K5EPvcStzyo
👉 t.me/turizm_kr
Karakalpakstan.travel|Telegram|Facebook|Instagram|YouTube|
🔰 Быйылғы жылда Қарақалпақстан Республикасында Санаатты раўажландырыў бағдарында жәми 295 инвестициялық жойбар иске түсирилиўи белгиленген
📍 2023-жылда Қарақалпақстан Республикасында республиканың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм пуқаралардың дәраматын арттырыў арқалы халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша инвестиция бағдарламалары шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар иске түсирилиўи режелестирилген.
🏭 Атап айтқанда, санаатты раўажландырыў бағдарында улыўма баҳасы 4,3 трлн сумлық 295 жойбар иске түсириледи ҳәм 6 344 жумыс орны жаратылады.
Соннан:
➖ Май ислеп шығарыў санааты бойынша – 107 млрд. сумлық 9 жойбар шеңберинде 278 жумыс орны жаратылады;
➖ Химия санааты бойынша – 1,2 трлн сумлық 18 жойбар шеңберинде 487 жумыс орны жаратылады;
➖ Қурылыс материаллары санааты бойынша – 1,5 трлн сумлық 111 жойбар шеңберинде 1515 жумыс орны жаратылады;
➖ Азық-аўқат санааты бойынша – 267,5 млрд. сумлық 69 жойбар шеңберинде 623 жумыс орны жаратылады;
➖ Текстиль ҳәм тоқымашылық санааты бойынша – 668,5 млрд. сумлық 18 жойбар шеңберинде 2311 жумыс орны жаратылады;
➖ Фармацевтика санааты бойынша – 257 млрд. сумлық 10 жойбар шеңберинде 228 жумыс орны жаратылады;
➖ Басқа тармақлар бойынша – 376 млрд. сумлық 60 жойбар шеңберинде 902 жумыс орны жаратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
e-auksion.uz платформасы арқалы 3909 дан артық көшпели саўда жерлерин ижараға алыӊ!
🟢 Нөкис қаласы 932 (қараңыз)
🟢 Әмиўдәрья районы 189 (қараңыз)
🟢 Беруний районы 123 (қараңыз)
🟢 Бозатаў районы 134 (қараңыз)
🟢 Қараөзек районы 216 (қараңыз)
🟢 Кегейли районы 189 (қараңыз)
🟢 Қоңырат районы 219 (қараңыз)
🟢 Қаңлыкөл районы 177 (қараңыз)
🟢 Мойнақ районы 194 (қараңыз)
🟢 Нөкис районы 193 (қараңыз)
🟢 Тақыятас районы 226 (қараңыз)
🟢 Тахтакөпир районы 193 (қараңыз)
🟢 Төрткүл районы 184 (қараңыз)
🟢 Хожели районы 257 (қараңыз)
🟢 Шымбай районы 243 (қараңыз)
🟢 Шоманай районы 167 (қараңыз)
🟢 Елликқала районы 73 (қараңыз)
e-auksion.uz
👇Хабардар болыў ушын👇
Telegram | Facebook | Instagram | Youtube
«Kitap biziń dostımız» tańlawınıń Moynaq rayonlıq basqıshı bolıp ótti
Jas áwladtı Watansúyiwshilik ruwxında tárbiyalaw, xalıq arasında ádebiyattı úgit-násiyatlaw, kitapqumarlıqtı rawajlandırıw, jaslardı qollap-quwatlaw hám yubeley jası belgilenetuǵın jazıwshı-shayırlardıń ómir jolı, dóretiwshiligin úgit-násiyatlawǵa qaratılǵan «Kitap - biziń dostımız» atamasındaǵı tańlawdıń Moynaq rayonlıq basqıshı bolıp ótti. Tańlaw rejesine muwapıq, rayonlıq Xalıq bilimlendiriw bólimine qaraslı ulıwma orta bilim beriw mektepleriniń 8-9-klass oqıwshıları arasında bolıp ótip, belgilengen shártler tiykarında bellesti. Tańlaw juwmaǵında tańlaw tóreshileri tárepinen jeńimpazlar anıqlanıp, Respublika Ruwxıylıq hám aǵartıw orayı Moynaq rayonlıq bólimi tárepinen «Húrmet jarlıq»ları hám belgilengen nominaciyalar menen sıylıqlandı. Tańlawda 1-orındı iyelegen 12-sanlı mekteptiń 8-klass oqıwshısı Umirzakova Nursaya tańlawdıń keyingi Respublikalıq basqıshına qatnasıw imkaniyatın qolǵa kirgizdi.
Perizat Mırzamuratova, QMU studenti.
"Мырза Улуғбек мийрасхорлары" республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Читать полностью…"Мырза Улуғбек мийрасхорлары" республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Читать полностью…Мойнақ районындағы 2-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде Наўрыз улыўмахалықлық байрамға бағышланған "Ҳәр күнимиз Наўрыз болсын!" атлы байрам концерти болып өтти. Байрамға мектептиң оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары белсене қатнасты. Байрам салтанатында миллий тағамлар, миллий кийимлер, түрли буйымлар ҳәм сүўретлер көргизбелери қойылды. Байрам қызықлы ҳәм мазмунлы болып өтти.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Автомобиль басқарыўшылары дыққатына!
Ертең, 18-март күни Мойнақ районы орайында "NavrUz" этнофестивалының өткерилиўи менен автомобиль жолларында ҳәрекетлениў ўақтынша тоқтатылады.
Саат 08:00 ден 10:00 ге шекем Әжинияз көшесиндеги районлық Кадастр агентлиги ҳәм Агробанк имаратлары аралығындағы автомобиль жолы ўақтынша жаўылады;
Саат 10:00 ден 15:00 ге шекем Әжинияз көшесиндеги районлық Кадастр агентлиги ҳәм Жынаят ислери бойынша районлық суды имаратлары аралығындағы автомобиль жолы ўақтынша жаўылады.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
@MuynakPress
Халқымыздың миллий үрп-әдет дәстүрлерин, инсаныйлық, адамгершилик сезимлерди өзинде жәмлеген "Наўрыз" улыўмахалықлық байрамы районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплеринде жоқары дәрежеде шөлкемлестирилмекте. 1-санлы айырым пәнлери тереңлестирилип оқытылатуғын класслары бар улыўма орта билим бериў мектебинде де наўрыз байрамы тамашалары өткерилди. Мектеп жәмәәти тәрепинен шөлкемлестирилген қол өнерлер ҳәм миллий тағамлар көргизбелери, миллий спорт ойынлары жыйналғанларға өзгеше қуўаныш бағышлады. Байрам тамашалары қосық ҳәм намаларға уласып, тамашагөйлерге жоқары кейпият инәм етти.
Таярлаған: Перизат Мырзамуратова, ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube |
Ҳүрметли Мойнақ районы турғынлары ҳәм район мийманлары!
Мойнақта усы жылдың 18-март күни «NavrUz» этнофестивалы болып өтеди. Фестивальда қарақалпақ миллий дәстүрлерин кѳрсетиў, миллий ойынлар, миллий аўқатлар таярлаў, бақсы – жыраўлардың концерт бағдарламалары, гүрес, қошқар дүгистириў ҳәм басқа да көплеген бағдарламалар киритилген. Ҳәзирги ўақытта район орайында қызғын таярлықлар алып барылмақта. Сондай-ақ, кишкене балалар ушын балалар ойын майданшасы шөлкемлестирилмекте.
Бәрше, бәршеңизди этнофестивальға мирәт етемиз!
👆👆👆Жоқарыдағы инфографика арқалы "NavrUz" этнофестивалының бағдарламасы менен танысасыз!
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
#Янги_Конституция
📖 Конституциявий Қонун лойиҳаси матни билан meningkonstitutsiyam.uz сайти орқали танишиб чиқишингиз мумкин.
/channel/hudud_inform
Дыққат! Дыққат!
Хабарландырыў!
Усы жылдың 18-март күни болып өтетуғын NavrUz этнофестивалы шеңберинде веломарафон жарысы өткериледи. Веломарфонға велосипедлер таяр, қатнасыўшылардың саны шекленбеген. Улыўма орта билим бериў мектеплериниң 9-класслары ҳәм оннан жоқары жастағылар қатнасыў мүмкиншилигине ийе. Жарысқа қатнасыўды қәлеўшилер ертең, 17-март күни саат 18:00 ге шекем дизимнен өтип болыўы керек. Асығың, жеңимпазлар саўғалар менен сыйлықланады. Жарыстың басланатуғын ўақты - 9:00.
Қосымша мағлыўмат ҳәм дизимнен өтиў ушын: +998945951661
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
#befarqemasman
«Konstitusiyada homiladorligi yoki yosh bolasi borligi sababli ayollarni ishga qabul qilishni rad etish, ishdan bo‘shatish va ularning ish haqini kamaytirishni taqiqlash taklif etilmoqda.
Men bu taklifni qo‘llab-quvvatlayman. Men befarq emasman»
Gulnora Mahmudova, O‘zbekiston ishbilarmon ayollar assosiasiyasi raisi.
#befarqemasman
«Мен тадбиркорман. Ёшлигимдан тадбиркорлик қиламан. Тадбиркор одам ўз вақтини, куч-ғайратини, мол-мулкини тикиб, ривожланишга ҳаракат қилади. Улар ҳар куни таҳликали бўлса-да қарорлар қабул қилади ва келажакка ишонади.
Шундай даврлар бўлди, таҳликалар ҳаддан ташқари кўп бўлди. Тадбиркорлар ҳар куни қўрқиб ишлади. Бу на мамлакат иқтисодиёти, на халқ учун манфаатли бўлди.
Эслайман, эрталаб «бисмиллоҳ» деб уйдан чиқаётганда, ишқилиб, тинчлик бўлсин, ухлаётган болаларимизга қараб, бирор нарса бўлса, булар нима бўлади, кечқурун эсон-омон уйга қайтай, деган қўрқувда яшадик.
Ислоҳотлар бошланганда, уларнинг муҳокамаларида қатнашдик, мавжуд муаммоларни танқид қилдик. Ўшанда баъзи танишларимиз орасида «қўрқмайсанми, орқага қайтиб қолса, нима бўлади», деганлар бўлди. Аммо бу ислоҳотлар давом этишини, имкониятлар, ҳақ-ҳуқуқларни кафолатлаш даври келди.
Мен бефарқ эмасман. Сиз ҳам бефарқ бўлманг».
Зафар Ҳошимов, тадбиркор
#Онлайн
"Өзбекстан - жаслар мәмлекети" сүрени тийкарындағы гала концерт басланыў алдында
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
/channel/pressa_moynaq
https://kknews.uz/kk/145209.html
Мойнақта сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер фестивалы болып өтти
Каналымызға қосылың👇
https://t.me/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Шаңарақлық исбилерменлик ушын берилетуғын жеңилликли кредитлердиң муғдары асырылады:
2023-жылда:
- исбилерменлер искерлигин кеңейтиў ушын кредит муғдары 225 млн сумнан 300 млн сумға шекем асырылады;
- дийқан хожалықларына берилетуғын гиреўсиз кредит муғдары 50 млн сумға шекем асырылады (алдын 33 млн сум еди);
- алдын шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде кредит алып, жақсы нәтийже көрсеткен исбилерменлер бул бағдарламалар шеңберинде және жеңилликли кредит алыўы мүмкин болады (алдын тек бир рет алыў мүмкин еди);
- кредитлердиң бир бөлегин пластик картаға алыўға рухсат бериледи.
2023-жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасына 12 триллион сум бериледи (2022-жылда дерлик 10 триллион сум.) Президент тәрепинен жақында қол қойылған қарарға муўапық, шаңарақлық исбилерменликке қосымша 300 миллион доллар ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
"Өзбекстан - жаслар мәмлекети" сүрени тийкарында спорт жарыслары, закаўат ҳәм шығармалар таңлаўларына старт берилди.
Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги жанындағы Мойнақ районы қәнигелестирилген мектебинде спорттың стол тенниси түри бойынша жарыс болып өтпекте.
Мойнақ районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети
/channel/pressa_moynaq
"Мырза Улуғбек мийрасхорлары" республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти
Бүгин, 2023-жыл 25-март күни Мойнақ районы Жаслар орайында "Мырза Улуғбек мийрасхорлары" республика таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға 16 жастан жоқары ҳәм 20 жасқа шекемги болған жаслар инновациялық идеалары менен қатнасты. Илаждың ашылыў салтанатына Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасарлары Арыслан Утеўлиев, Ринат Шербаев ҳәм Мурат Жумабаевлар қатнасты. Олар өз шығып сөйлеўинде жаслардың инновациялық идеалары ушын ҳүкиметимиз тәрепинен грантлар ажыратылғанлығы, буның ушын районымыз жасларынан өзлериниң үстинде көп излениўи лазымлығын атап өтти. Соның менен бирге, таңлаў қатнасыўшыларына әўметлер тиледи. Таңлаў қатнасыўшылары презентациялар менен өз идеаларын төрешилер ағзаларына таныстырып, олардың сораўларына жуўаплар қайтарды. Сондай-ақ, жаслар алып шығып атырған мәселелериниң абзаллығы, әҳмийети ҳәм шешимлери бойынша мағлыўматлар берди. Солай етип, таңлаўға қатнасқан 18 қатнасыўшыдан 5 қатнасыўшы жеңимпаз деп табылды. Олардың ҳәр қайсысы бир ярым миллион сўм қаржы менен сыйлықланып, республикалық басқышқа жоллама берилди. Таңлаўға қатнасыўға жасы жетпесе де, қызығыўшылық билдирип, өзлериниң талант ҳәм қәбилетин көрсете билген жаслар да нәзерден шетте қалмады. Олардың инновациялық идеалары қоллап-қуўатланып, ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Таярлаған: Перизат Мырзамуратова, ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
"Мырза Улуғбек мийрасхорлары" республикалық таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Читать полностью…Мойнақ районы Ишки ислер бөлими баслығы, үшинши сектор басшысы Р.Турғанбаевтың басламасы менен 3-сектор аймағына қараслы Мойнақ районы «Мәдели» АПЖ Шеге аўылында ИИБ хызметкерлери менен биргеликте «Жақсыдан бағ, Жаманнан дақ» сүрени астында кɵкелемзарластырыў жумыслары алып барылып, ҳәр түрдеги, жәми 117 түп мийўе нәллери егилди.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен Мойнақ районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс ҳәм Мойнақ районы кәсип-өнер мектебиниң 2-курс оқыўшылары арасында жоқары оқыў орнына кириў ушын таярлық басқышын алып барыў мақсетинде филология, анық, тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер бағдарында "МОЙНАҚ РАЙОНЫ ҲӘКИМИ КУБОГЫ" олимпиадасының районлық басқышы жуўмақланды. Оған бола 1-жөнелис бойынша 1-орынды 14-мектептиң оқыўшысы Ерқосайын Қарлыбаев,
2-орынды 14-мектептиң оқыўшысы Жумабай Минкесов,
3-орынды 1-мектептиң оқыўшысы Дастан Аманбаевлар ийеледи.
Ал, 2-жөнелис бойынша
1-орынды 1-АПТОКБУББМ оқыўшысы Диляра Атамуратова,
2-орынды агентликке қараслы қәнигелестирилген мектептиң оқыўшысы Гулсевар Аметова
3-орынды 7-мектептиң оқыўшысы Дилафруз Қаратаевалар алыўға миясар болды.
Тест сынақларынан жоқары көрсеткишке ерискен бул оқыўшыларға Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар ҳәм сертификатлар тапсырылды.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube |
Давлат хизматлари билан боғлиқ судга берилган шикоятлар учун давлат божи 50%га арзонлаштирилди
Бугун, 17 март куни Ўзбекистон Президенти «Давлат божи тўғрисида»ги Ўзбекистон Республикаси Қонунига қўшимча киритиш ҳақида»ги қонунни имзолади.
Қонунга кўра, эндиликда фуқаролар томонидан давлат органларининг ва бошқа ташкилотларнинг давлат хизматларини кўрсатиш билан боғлиқ қарорлари, ҳаракатлари (ҳаракатсизлиги) устидан судга аризалар (шикоятлар) берилган тақдирда, давлат божини белгиланган ставканинг 50 фоизи миқдорида тўланади.
Каналга уланиш:
➖@uzauz
Мойнақ кәсип-өнер мектебинде Наўрыз тамашалары өткерилди
Мойнақ кәсип-өнер мектеби жәмәәти жоқары кейпият ҳәм өзгеше шадлықлар менен Наўрыз салтанатларын байрамлады. Салтанатта халқымыздың өзине тән үрп-әдетлери ҳәм миллий дәстүрлери сахналық көринислер арқалы өз сәўлелениўин тапты. - Байрам илажында мектебимиз оқыўшылары түрли ойын-заўықлар шөлкемлестирилди, ер балалар спорттың арқан тартыс, гир тас көтериў түрлери бойынша күшин сыннан өткерди. Қарақалпақ халқының миллий тағамларынан ибарат көргизбелер шөлкемлестирдик - дейди мектеп директоры Жийенгүл Абдикаримова. Соның менен бирге, наўрыз гөже писирилип, байрам салтанатын тамашалаўға келген мийманларға тартылды. Илажға Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Бәҳәргүл Жамалова қатнасып, қолы гүл оқыўшылар тәрепинен исленген буйымлар көргизбесин тамашалады. Наўрыз салтанаты концерт бағдарламасы менен көтериңки руўхта даўам етти.
Таярлаған: Перизат Мырзамуратова, ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube |
Респондентлар диққатига!
🏢 Ўзбекистон Республикаси Президенти ҳузуридаги Статистика агентлиги томонидан тадбиркорлик субъектларига қулайлик ва қўшимча имкониятлар яратиш мақсадида, 2022 йил якунлари учун тадбиркорлик субъектлари томонидан 2023 йилнинг 27 февраль кунига қадар тақдим этиладиган 1-kb shakli (унинг иловаларини қўшган ҳолда) ва 1-fx shakli йиллик статистика ҳисоботлари 3 март санасига қадар узайтирилган эди.
✅ Жорий йилнинг 4 март кунидан бошлаб, ҳисобот тақдим этмаган субъектларга статистика органлари томонидан йиллик статистика ҳисоботларини бир ойлик муддатларда тақдим этилиши юзасидан кўрсатма хатлари чиқарилди.
✅ Шу муносабат билан, ҳисобот тақдим этмаган тадбиркорлик субъектларини кўрсатма хатда берилган муддатларда “Estat 4.0” ахборотлашган тизими орқали юқорида кўрсатилган ҳисоботларни тақдим этишингиз сўралади.
"Мойнақ районы ҳәкими кубогы" олимпиадасының районлық басқышына старт берилди
Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен Мойнақ районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс ҳәм Мойнақ районы кәсип-өнер мектебиниң 2-курс оқыўшылары арасында жоқары оқыў орнына кириў ушын таярлық басқышын алып барыў мақсетинде филология, анық, тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер бағдарында "Мойнақ районы ҳәкими кубогы" олимпиадасының районлық басқышына старт берилди. Илажға Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Мурат Жумабаев қатнасып, жоқары оқыў орынларына кириў ушын тестке таярлық жумысларын алып барыўда еле де ўақыт жетерли екенлигин, олимпиада қайсы мектептиң, қайсы оқыўшысы таярлықларды қалай алып барып атырғанлығын билиў, оқыўшыларды тестке таярлаўда қандай машқалалар бар екенлигин анықлаў ҳәм оларды шешиў, оқыўшылардың билим дәрежесин жетилистириўде анық режелер дүзиў ҳәм оларды әмелге асырыў мақсетинде шөлкемлестирилгенлигин атап өтип, бәршеге әўмет тиледи.
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter
Мойнақта «Ҳамал келди - жыл келди» атлы композициялық кеше болып өтти
«14-март - қазақ халқының көрисиў күни». Бул күни олар алты ай қыстан аман-есен шығып, бәҳәр әйямының келиўи менен туўған-туўысқанларын излеп барып, аманлық сорасады. Төс қағыстырып, «Бир жас қосыўың менен!», «Жас қутлы болсын!» деген тилеклер билдиреди. Көрисиў күни бурынғы өкпе-ренжиўлер кеширилип, арызлар умытылады, қоңсы-қоба бир-бирин наўрыз гөжеге шақырып, мийманларға жақсы тилеклерин айтады. Сәне мүнәсибети менен Мойнақ районында «Қарақалпақстан қазақ улттық мәдений орталығы»ның районымыздағы ўәкиллериниң шөлкемлестириўинде «Ҳамал келди-жыл келди» атлы композициялық кеше болып өтти. Илажға Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Менглибеков ҳәм секторлар басшылары қатнасты. Олар шығып сөйлеўинде байрам менен бәршени қутлықлап, аўызбиршиликли ҳәм татыў болып жасап киятырған көп миллетли Мойнақ районы халқына жақсы тилеклерин билдирди. Илажда миллий ойынлар өткерилип, жанлы ҳаўазда қосықлар атқарылды. Кеше жоқары кейпиятта даўам етти.
#befarqemasman
Umid Narimov mamlakat bo’ylab erkin harakatlanish huquqini Konstitutsiyada ta’minlashning ahamiyati xususida.
Telegram I Facebook I Instagram I YouTube I TikTok
Хабарландырыў
"Мойнақ районы ҳәкими кубогы" олимпиадасының районлық басқышына қатнасатуғын оқыўшылар дыққатына!
Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен Мойнақ районындағы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс ҳәм Мойнақ районы кәсип-өнер мектебиниң 2-курс оқыўшылары арасында жоқары оқыў орнына кириў ушын таярлық басқышын алып барыў мақсетинде филология, анық, тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер бағдарында "Мойнақ районы ҳәкими кубогы" олимпиадасының районлық басқышы усы жылдың 17-март күни өткериледи. Районлық басқышқа мектеп басқышында жеңимпаз болған 97 оқыўшы қатнасады.
Олимпиада өткерилиў орны:
Агентликке қараслы Мойнақ районы қәнигелестирилген мектеби
Ўақты: 09:00
websayt | telegram | facebook | instagram | youtube | twitter