Болар
Ақылы жоқ, сөзге ерген,
Сарсаң гезип сайыл болар,
Тилден қодирең шөп - шек терген,
Ғайыптан тайып шайыр болар.
Ҳәр салада илими көп,
Ўәж арттырып байыр болар,
Қолда өнер, билими жоқ,
Шор тәғдирге қайыл болар.
Яр жолында ес алдырса,
Анда Мәжнүн, Тайыр болар,
Ер азамат ғам - гүн болса,
Көкси қайтқан қайыр болар.
Әшкара күлкиге, арсыз,
Масқарапаз қайым болар,
Бир күн жәнжел болған үйде,
Қырқ күн қайғы - уўайым болар.
Бәрин ишке жутқан мөмин,
Тилге түспей сақаў болар,
Журттан бәрҳә излеген мин,
Бир гежир пес мақаў болар.
Суўмаңлаған ылдым - жылдым,
Сынаптайын тайғақ болар,
Билмес жерде ашылма дым,
Ҳәр орында айғақ болар.
Ишкирнениң тырыс пейли,
Ғағырлаған жарғақ болар,
Алмаса қулақтың мейли,
Сөзлериң пуш қурғақ болар.
Бийжөн ҳөкки әлўан урған,
Бара - бара талып болар,
Жөнин таўып жәўлан урған,
Өсип - өнип халық болар.
Тийкарында бар болса ол,
Улың жақсы перзент болар,
Парасаты гүрт болса сол,
Жүрек - баўрың бир жент болар.
Саҳыб тәлиб болса ярың,
Күниң бағы - ҳәрем болар,
Мәгар зәҳрин салса ярың,
Қайғы - дәртиң әлем болар.
Ақшам қара түңликли түн,
Жулдыз бенен ҳасыл болар,
Ҳақ ислерде қулағы гүң,
Жарғанаттай масыл болар.
Булақ, сайлар қуп қаўышса,
Бурқасынлы дәрья болар,
Журт унатса ислериңди,
Даңқың елге жәрия болар.
Автор : Азат Даўышбаев
Assalawma aleykum. Aralas qospa gápler haqqında maǵlıwmat kerek edi bar bolsa taslap beriń iltimas. Aldınnan raxmet
Читать полностью…Karamatdin Sultanovtıñ ömiri haqqında köbrek mağlıwmat kerek edi, qay jerden tapsam boladı?
Читать полностью…Муғаллим - Устазларды жаңа заман методикасында оқытып, олардың кәсиплик шеберлигин арттырыўда жан - тәнин аянбай хызмет етип жүрген елимниң пидайы, ҳасыл инсаны Турымбетов Байрамбайдың ҳүрметине арнап жазылған қосық.
Байрам деген қәдири бәлент жорам бар
Топырағы мисли алтын, зеринен,
Даңғаралы Тахтакөпир жеринен,
Даңқы уллы Қарақалпақ елинен,
Өнип - өскен Байрамдайын жорам бар.
Студентлик дузын бирге татқанда,
Баз биреўлер алапайға шапқанда,
Көп ишинде ойлар тынып аққанда,
Парасаты тас басқан бир жорам бар.
Мен оны кимлерге бөле дейин бе?
Нақ ҳасылдан туўған төре дейин бе?
Халқы ушын шегинбеген кейинге,
Байрам деген қәдири бәлент жорам бар.
Жаңа сана дүньясында көреген,
Устазларға даңғыл жолды силтеген,
Кәсибинен жалығыўды билмеген,
Кәри пуқта, әндам ғана жорам бар.
Өз ўақтында Макаренко ол қандай,
Устаз болса, әл тақаббил тап сондай,
Заманымның Авлонийи болғандай,
Шүкир Ҳаққа, дүрден зыят жорам бар!
Илим - зия, илим - умман десем мен,
Тереңлерге сүңгип мәржан терген - сен,
Қалың журтқа нурлы билим берген - сен,
Деп, бир шалқып айта жүрер жорам бар.
Ел мәпинде Жайҳун болып аққандай,
Заман атын зәңгилесип шапқандай,
Туўған жерден излеп жулдыз тапқандай,
Көз тиймесин, зейни өткир жорам бар!
Тәлим менен тәрбияда сапалы,
Жаңа усыл кестелеген баҳалы,
Маман болса жан күйдирген ағалы,
Ел ишинде жүзден жүйрик жорам бар.
Мәртебеси нәрўан шыңға ол теңдей,
Бәлент болып шадлы дәўран сүргендей,
Бахтымызға аман болсын дегендей,
Шүкир Ҳаққа, Байрам деген жорам бар!
Автор : Азат Даўышбаев
Он болсын байрамлар жаксыго бирак мектеп окыушылар Каракалпак тилин бузып сойлеп жур окинишлиси
Читать полностью…⚡️ Diagnostik test sinovlari yo‘lga qo‘yildi
✅ Bilimni baholash agentligi tomonidan oliy ta’lim tashkilotlarining bakalavriat ta’lim yo‘nalishlariga kirish test sinovlari formatidagi namunaviy test topshiriqlari asosida diagnostik test sinovlari yo‘lga qo‘yildi.
📚 Diagnostik test sinovlari orqali abituriyentlar o‘z bilimlarini sinab ko‘rishlari va test materiallari (test topshiriqlari kitobi va javoblar varaqasi) bilan ishlash ko‘nikmasiga ega bo‘lishlari mumkin.
📍 Diagnostik test materiallari har hafta barcha hududlarga yetkaziladi va talabgorlar test materiallarini agentlikning hududiy bo‘limlaridan olib ketishlari mumkin bo‘ladi.
👨🏻💻 Mazkur xizmatdan foydalanish istagini bildirgan talabgorlar my.uzbmb.uz sayti orqali diagnostik test materiallariga buyurtma berishlari mumkin.
✔️ Agentlikning rasmiy sahifalari:
Telegram | Facebook | Instagram | BaholashUz">YouTube
Waleykum assalam!!!Assalawma aleykum !!!
Bálent lapız tileymiz !!!Boladı Keimextaǵı tuwısqanlarǵa sálem ayt .AWMET.!
Ассалаўма алейкум ҳүрметли ауылласларым Мен озим Нокистенмен ҳәзирги уакытта Наўайы уалайаты Кенимех аўылында каракалпак баксышылык онерин Кенимехли жасларға үйретип атырман ютубта конкурс болып атыр еди. Сизлерден илтимас просмотр жыйнаў ға жәрдем берин лайк шәрт емес.Хәзирше 2 орындамыз коллап жиберин ауылласларым https://youtu.be/41Jhl6a3LuM?si=6VtZdjUSm0MwP4uM
Читать полностью…Жедди айы зуўлап өтип кеткенше...
"Ана тилим, сен - басқадан айырмам"...
Базылардың итибарына "қайылман",
Жедди айы зуўлап өтип кеткенше,
"Дана тилим" деп даўыслар қайырдан.
Уллы байрам өтер, сөйтип, қаяғы?!
Баяғы - баяғы, шопан таяғы,
Қуў ебине, таз кебине барғандай,
Тил қалады, мамырланып аяғы.
Бир әбески әнтек бар - аў, бизлерде,
Тил ушында - бүлбил, нықап - жүзлерде.
"Ана тилим" - деп, толықсып көзаба,
Даўрық салып сүренлеймиз дүзлерге.
Неге дәркар, бәлент пәрўаз арнаўлар?!
Қарақалпақ руўҳы эй, саңыраўлар,
Көкирек жарып көмекейден шықпаса,
Тилимизди жутар өзге тарнаўлар.
Тил тәғдири - ел тәғдири, билесиз,
Сөйте тура тил аўҳалы эҳ, ессиз!..
Күйип - писип шынын айтса жанкүйер,
Қулақларды тәмбилейсиз, илесиз.
Сағақлары кеўип қалған балықтай,
Болмағаймыз тили өлген халықтай,
Деп, қайғырсақ жаўдырасқан нәўшеге,
Қарақалпақша үйретейик жалықпай.
Оқымасақ том - том китап сөйлемес,
Сап сөйлессек, қәне, кимлер қой демес?!
Тил үйренген жақсы, бирақ қәйтсе де,
Ана тилин ҳүрмет еткен пәнт жемес.
Автор : Азат Даўышбаев
#1_декабрь
#Байрам_қутлықлаўы
Ассалаўма әлейкум заманласлар!
Быйыл қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 35 жыл толмақта. Бәршеңизди бул қутлы сәне менен шын жүрегимнен қутлықлайман.
Қарақалпақ тилинде инсанды ерксиз өзине тартатуғын саҳра сулыўлығы, сыйқыры бар. Мәрт, кишипейил, ақ көкирек, баўырман, саўдыраған, миймандос, мийнеткеш, ақыл-парасатлы халқымның кеўлин баянлайтуғын тил - бул қарақалпақ тили! Ана тили ана сүти, ана ҳәййиўи, ата-ананың тәрбиясы, мийрими арқалы кеўлимизге сиңеди.
Ана тили әзиз ата-бабаларымыздан бизге мийрас ҳәм аманат болып қалған бийбаҳа руўхый байлық. Оны келешек әўладларға сап ҳалында жеткерип бериў ҳәр биримиздиң әдиўли ўазыйпамыз.
Қарақалпақ тили қаншадан-қанша көркем сөз шеберлерин илҳамландырған тил. Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, И.Юсупов, Т.Қайыпбергенов сыяқлы уллы дөретиўшилер қарақалпақ тилинде идеялық мазмуны терең ҳәм поэтиқалық қуны жоқары дүрдана шығармаларды дөреткен. Ана тилимиздиң гөззаллығы, уллылығы еле де шайыр-жазыўшилер тилинде жырлана береди.
Байрам және бир мәрте қутлы болсын, ҳүрметли заманласлар!
Ҳүрмет пенен Бахытлы!
@BaxitliSaribaev
Tariyx ótkellerin basıp mıńlaģan,
Ullı shejirem óziń menen jańlaģan,
Shadlıģım hám muń-qayģımdı ańlaģan,
Qádirdanım,áziz ana tilimseń!
A.Dawıshbaev
#tilbayramına35jıl
Bıyıl qaraqalpaq tilimizdiń óz nızamına,biyligine iye bolıp jasap atırģanına 35 jıl tolmaqta. Usı ullı sáne respublikamız boylap kóterińki ruwxta nıshanlanbaqta. Sol qatarda Qońırat rayonı MShMBB ine qaraslı 41-sanlı ulıwma bilim beriw mektebinde de saltanatlı bayram keshesi ótkerildi. Keshede N.Sultanovanıń "Ana tili-millet namısı" atamasındaģı bayanat jıynalģanlar názerine usınıldı. Sonday-aq, mámleketlik til nızamı statyaları, hár túrli ayaq oyınlar,ana tilimizdi ulıģlawshı saxnalıq kórinisler keshemizden orın aldı. Belsendi qatnasqan oqıwshılarımızģa, qımbatlı waqtın ajıratqan ustazlarımızģa óz minnetdarshılıģımızdı bildiremiz!!!